Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң бесинши сессиясы болып өтти

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң бесинши сессиясы болып өтти

17.01.2025 17:35:19 | 131

Шымбай районы сектор басшыларының 2024-жыл даўамында әмелге асырған жумыслары, сектор аймақларын комплекс социал-экономикалық раӯажландырыӯ бойынша есабаты, “Мәҳәллебай ислеӯ” тийкарында 2025-жылы әмелге асырылатуғын “Жол Картасы”н тастыйықлаў ҳәм жумыс нәтийжелигин және де асырыў мақсетинде оларға бириктирилген аймақлардың бөлистирилиўин қайта көрип шығыў ҳаққында. 2. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының 2024-жыл 29-ноябрь күнги КҚ-6-V-санлы карарының Шымбай районында Камбағаллықты қысқартырыў […]

Шымбай районында депутатлар ушын оқыӯ семинары шөлкемлестириди

16.01.2025 16:11:27 | 96

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси басламасы менен Халық депутатлары районлық, қалалық Кеӊеслери депутатларына оқыў семинар өткериў белгиленген. Усы тийкарда Шымбай районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында районлық Кеңеске сайланған депутатлар ушын оқыў семинары шөлкемлестирилди. Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Комитет баслығы Ш. Өтемисов ҳәм сиясий партиялардың Қарақалпақстан Республикалық Кеңеслери баслықлары қатнасты. Семинарда баянатшылар тәрепинен депутатлық искерлигиниң нызамлылық тийкарлары […]

Шымбай районы 19-санлы ҳәмде 26-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде «Методикалық шеберлик сааты»на старт берилди

07.01.2025 16:04:54 | 78

Методикалық шеберлик сааты Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-сентябрьдеги «Мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин жәнеде асырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында шөлкемлестирилмекте. Семинарда тренерлик етиўши 19-санлы шөлкем методисти Тилеубаева Гулжахан ҳәмде 26-санлы шөлкем тренер (ментор) методистлери Шыныбекова Света таяныш шөлкемлерге бириктирилген 30 мәмлекетлик шөлкемниң жетекши педагогларына өз тәжирийбелерин ҳәм […]

Депутатлар ушын оқыӯ семинары болып өтпекте

16.12.2024 16:50:58 | 76

Қарақалпақстан Республикасı Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары wáлаятлық ҳәм Ташкент қалалық, районлық Кеңеслериниң депутатлары ушын еки күнлик оқыӯ семинарлары шөлкемлестирилген болып, онда Қарақалпақстан Республикасı Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, Шымбай,Қараөзек,Тахтакөпир,Кегейли ҳәм Бозатаӯ районлық Халық депутатларı Кеңесиниң депутатлары қатнаспақта. Оқыӯ семинары онлайн форматта өткерилип, онда Өзбекстан Республикасı Президенти тәрепинен Олий Мажлис палаталарының мәжилислеринде белгилеп берилген тийкарғы ӯазыйпалар, ӯәкиллик уйымларының […]

Ҳәр бир мүрәжат итибарда

10.12.2024 10:19:01 | 107

Бүгин район ҳәкими А.Тажетдиновтың жеке қабыллаӯы болып өтти. Қабыллаў даўамында коммуналлық хызмет бойынша ҳәмде жол машқаласы бойынша бәнтлик мәселелери  бойынша  мүрәжатлар  үйренилди. Мүрәжатлар басым көпшилиги орынында унамлы шешим тапты.Ал мүддет күтилетуғын мүрәжатлар бойынша тараў басшыларына тапсырмалар берилип барлық мүрәжатлар район ҳәкими тәрепинен қадағалаўға алынды.

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң екинши сессиясы болып өтти

29.11.2024 17:25:48 | 195

Сессияға депутатлар, жәмийетшилик ўәкиллери, райондағы мәкеме басшылары район белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Халық депутатлары Шымбай районлық Кеӊесиниӊ шақырық екинши сессиясы район ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында болып өтти. Сессия күн тәртибинде жергиликли Кеӊести шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды. Депутатлар дәслеп Халық депутатлары Шымбай районлық Кеӊеси баслығын тастыйықлаў мәселесин қарап шығып, сиясий партиялар депутатлық топарлары усынысы […]

Қарақалпақстан делегациясы Корея Республикасы ҳәм Орайлық Азия аймақлараралық бирге ислесиў форумында қатнаспақта

27.11.2024 11:09:08 | 127

Бүгин еки тәреплеме бирге ислесиўлерди кеңейтиў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириў бойынша Қубла Корея мәмлекетинде биринши «Корея Республикасы ҳәм Орайлық Азия аймақлараралық бирге ислесиў форумы» өткерилмекте. Форум шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыў бағдарында Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген […]

«Денсаӯлық сақшы»ларының кәсиплик байрамы Шымбай районында да кең түрде белгиленди

07.11.2024 17:23:10 | 101

Районымыздағы пайызлы орынлардың биринде ден саўлық сақшыларының кәсиплик байрамы кең түрде белгиленди.   Байрам салтанатына район ҳәкими А.Тажетдинов қатнасып, пидайы шыпакерлерди кәсиплик байрамы менен қутлықлап, оларға алдағы ийгиликли жумысларында тасқын табыслар тиледи.   Илаж даўамында Медицина тараўында табыслы хызмет етип атырған бир қатар шыпакерлерге «Ҳүрмет жарлық»лар ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ БИРИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

06.11.2024 17:43:13 | 105

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши сессиясы басланды Сессияға депутатлар, жәмийетшилик ўәкиллери, министрлик, мәкеме басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнаспақта. Атап өтилгениндей, 30-октябрь күни жәрияланған Жоқарғы Кеңесине сайлаў нәтийжелерине бола, депутатлар қурамы 63 процентке жаңаланды. Күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги сиясий партиялардың фракцияларын дизимге алыў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар […]

Ҳәр бир мүрәжат итибарда

05.11.2024 16:04:00 | 120

Бүгин район ҳәкими А.Тажетдиновтың жеке қабыллаӯы болып өтти. Қабыллаў даўамында коммуналлық хызмет бойынша ҳәмде жол машқаласы бойынша бәнтлик мәселелери  бойынша  мүрәжатлар  үйренилди. Мүрәжатлар басым көпшилиги орынында унамлы шешим тапты.Ал мүддет күтилетуғын мүрәжатлар бойынша тараў басшыларына тапсырмалар берилип барлық мүрәжатлар район ҳәкими тәрепинен қадағалаўға алынды.  

Пайдалы ресурслар