Жоқарғы Кеңес Баслығы Мойнақ районында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды терең талқылады

Жоқарғы Кеңес Баслығы Мойнақ районында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды терең талқылады

27.01.2023 09:24:18 110 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Мойнақ районында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы әҳмийетли мәселелер бойынша мәжилис өткерди.

Өткен жылы Мойнақ районын, социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың жасаў жағдайын жақсылаў бойынша мәжилис өткерилип, бир қанша тапсырмалар, соның ишинде, тараў ҳәм сектор басшыларына анық ўазыйпалар белгилеп берилген еди.

Өткерилген мәжилисте бир қатар кемшиликлер сынға алынды ҳәм өз жумысларына немқурайдылық пенен қарағанлығы ушын Үшсай аўыл пуқаралар жыйыны, Қызылжар аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм Қазақдәрья аўыл пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшилерине интизамый жаза шарасы қолланылды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content