«Мақтанышым – аўылымныӊ ҳаяллары»

«Мақтанышым – аўылымныӊ ҳаяллары»

14.10.2022 09:12:04 137 Баспаға шығарыў

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясыныӊ 2007-жыл   18-декабрь күнги “Аўыллық орынларда жасаўшы ҳаял-кызлардыӊ жасаў жағдайын жақсылаў” ҳаққындағы  резолюциясына тийкарланып «15-октябрь-Халықаралық аўыл ҳаяллары күни» деп жәрияланған еди. Усы мүнәсибет пенен Шымбай районы ҳәкимлиги, Шаӊарақ ҳәм ҳаял-кызлар бөлими басламасы менен «Тағжап» аўыл пуқаралар жыйынында «Мақтанышым – аўылымныӊ ҳаяллары» атамасындағы байрам кешеси шөлкемлестирилди.

Илаж бос жумыс орынлары ярмаркасы ҳәм  усы аймақта жасап мийнет етип киятырған аўыл ҳаял-қызларыныӊ өз қоллары менен жетистирген өнимлери көргизбеси менен басланды. Көргизбеде бағшылыққа қәнигелестирилген «Жеӊис-Рахмет» фермер хожалығы баслығы О.Реймова, «Батыр-Гулзийра» фермер хожалығы баслығы С.Жамалова, «Роман-Расул» фермер хожалығы баслығы Б.Юсупова ҳәм алдынғы  теримши ҳаял-қызлар А.Раметова, М.Қуўандыкова ҳәм Р.Реймовалар район ҳәкимлиги тәрепинен таяланған ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Байрам илажы районлық Мәденият бөлими  тәрепинен таярланған йошлы концерт бағдарламасы менен және де заўықлы өтти.

Пайдалы ресурслар
Skip to content