Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң жанылғы-энергетика тараӯында базар механизмлерин енгизиӯдиң қосымша ис-илажлары ҳаққындагы 204-санлы қарарының мазмун-мәнисин кең жәмийетке түсиндириӯ мақсетинде Шымбай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында мәхәлле жетилиги ҳәм штаб ағзалары қатнасыӯында ушырасыӯ болып өтти. Ушырасыӯда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Комитет баслығы Ш.Өтемисов, Мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов, район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм сектор баслықлары қатнасты. Ушырасыӯ даӯамында қарардың […]
2024-жылдың январь-март айларында Шымбай районында санаат өнимлерин ислеп шығарыӯ көлеми 123,4 млрд. суӯмды қурады. Өсиӯ пәти өткен жылдың сәйкес дәӯирине салыстырғанда 116,5 % ти қурады.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 22-август күнги «2022-2023-жылларда мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўын жаңа басқышқа алып шығыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында бүгин Шымбай районы «Жипек жолы» мәкән пуқаралар жыйынында жаңадан шөлкемлестирилген “BPO” (Business Processes Outsourcing) – аралықтан турып хызметлер көрсетиў орайының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Комитет баслығы Ш.Өтемисов, Бердақ атындағы Қарақалпақ […]