Бүгин социаллық тармақларда Шымбай районы «Дийқан базары» ЖШЖ аймағындағы балық сатыӯ секторындағы жаӯын жаӯғаннан кейинги жағдай бойынша мүрәжат жәрияланды.
Бул мүрәжат район ҳәкимлиги тәрепинен қысқа ӯақыт ишинде қадағалаӯға алынып, қум-тас араласпасы (ЩПС) төсеӯ жумыслары алып барылмақта.