Шымбай районы статистика бөлими мағлыўматына көре, 2024- жылдың 1-апрель жағдайына Шымбай районының демографиялық көрсеткишлери: Халық саны – 115851 адам; Ҳаяллар саны – 57061 адам Еркеклер саны – 58790 адам Қалалық жерлерде – 59391 адам Аўыллық жерлерде – 56460 адам.
2024- жылдың январь-март айларында Шымбай районында жәми хызметлер көлеми 114,8 млрд. суӯмды ямаса 2023- жылдың сол дәӯирине салыстырғанда 115,1 % ти қурады.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң жанылғы-энергетика тараӯында базар механизмлерин енгизиӯдиң қосымша ис-илажлары ҳаққындагы 204-санлы қарарының мазмун-мәнисин кең жәмийетке түсиндириӯ мақсетинде Шымбай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында мәхәлле жетилиги ҳәм штаб ағзалары қатнасыӯында ушырасыӯ болып өтти. Ушырасыӯда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Комитет баслығы Ш.Өтемисов, Мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов, район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм сектор баслықлары қатнасты. Ушырасыӯ даӯамында қарардың […]
2024-жылдың январь-март айларында Шымбай районында санаат өнимлерин ислеп шығарыӯ көлеми 123,4 млрд. суӯмды қурады. Өсиӯ пәти өткен жылдың сәйкес дәӯирине салыстырғанда 116,5 % ти қурады.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 22-август күнги «2022-2023-жылларда мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўын жаңа басқышқа алып шығыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында бүгин Шымбай районы «Жипек жолы» мәкән пуқаралар жыйынында жаңадан шөлкемлестирилген “BPO” (Business Processes Outsourcing) – аралықтан турып хызметлер көрсетиў орайының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Комитет баслығы Ш.Өтемисов, Бердақ атындағы Қарақалпақ […]
Президентимиздиң 2022-жыл 24-август күнги «Мүлк ҳуқықының қолқатылмаслығын исенимли қорғаў, мүлкий қатнасықларға тийкарсыз аралсыўға жол қоймаслық, жеке мүлктиң капиталласыў дәрежесин асырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы пәрманына кѳре, жеке мүлкке ийелик етиў, оннан пайдаланыў ҳәм оны басқарыў ҳуқықын тиккелей яки қыялий шеклеўди нәзерде тутыўшы, мүлкий қатнасықларда базар экономикасы принциплерин толық енгизиўге тосқынлық қылыўшы тәртиплер, талаплар ҳәм шеклеўлер бийкар етилиўи […]
1993-жыл 9-апрельде қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы елимизде миллий нызамшылықтыӊ тийкары сыпатында пуқаралар еркинликлери ҳəм мəплери жолында хызмет етип келмекте. Жəмийетте əдиллик принциплерин орнатыўда əҳмийетли ҳүжжет саналған Конституциямыз — мəмлекетимизде жасаўшы ҳəр бир шахстың ҳуқықларын кепиллейди. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн сәне мүнәсибети менен районымызда байрам салтанатлы түрде өткерилди.Илажда районлық кеңес депутаты Ө.Толыбеков, […]
Усы жылдың 1-апрель күни Президентимиздиң ПҚ-146-санлы қарары қабыл етилди. Қарарға муўапық, Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў комплекс бағдарламасы шеңберинде 2024-жылда жоқары дәраматлы ҳәм экспортбап аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, сақлаў, сайлап алыў, қақлаў, қайта ислеў ҳәмде оларды экспорт қылыў менен шуғылланыў менен байланыслы илажларды әмелге асырыў ушын коммерциалық банклер тәрепинен жәми 1,5 трлн. сумға шекемги муғдарда кредит […]
Бүгин район ҳәкими А.Тажетдиновтың қатнасыўында жеке қабыллаўы болып өтти. Қабыллаў даўамында пуқаралардан келип түскен мүрәжатлар көрип шығылды. Қабыллаўда пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилиги сол орында өзиниң унамлы шешимин тапты. Ҳәр ҳәптениң сийшемби күни өткерилетуғын қабыллаў бул әлбетте адамлардың бүгинги күнде турмысынан разы болып жасаўға қаратылғанлығы менен әҳмийетли.