Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде исбилерменлер ушын жеке қабыллаў өткерди

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде исбилерменлер ушын жеке қабыллаў өткерди

16.01.2023 16:33:06 117 Баспаға шығарыў

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде исбилерменлер ушын жеке қабыллаў өткерди

Азанда 10:30 да басланған қабыллаў дерлик 9 сағат даўам етип 19:00 де жуўмақланды. Өткерилген қабыллаўда 81 исбилермен тәрепинен жәми 87 мәселеде мүрәжатлар келип түсти. Онда исбилерменлердиң мүрәжатлары тыңланып, орнында шешим табыў илажлары көрилди.

Билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигин орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, өз басламасы менен келген исбилерменлер пикирлери тыңланып, ҳәр бир баслама көтерген, жаңа жумыс орнын жаратаман деген исбилермен қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.

Пайдалы ресурслар
Skip to content