Бүгин социаллық тармақларда Шымбай районы «Дийқан базары» ЖШЖ аймағындағы балық сатыӯ секторындағы жаӯын жаӯғаннан кейинги жағдай бойынша мүрәжат жәрияланды. Бул мүрәжат район ҳәкимлиги тәрепинен қысқа ӯақыт ишинде қадағалаӯға алынып, қум-тас араласпасы (ЩПС) төсеӯ жумыслары алып барылмақта.
Нызамшылыққа муўапық, ҳаял-қызларға исбилерменликти жолға қойыў ушын ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қоры есабынан 3 жылға шекем ҳәм 6 айға шекем жеңилликли дәўир менен жыллық 14 пайыз ставкада 33 миллион сўмға шекем кредитлер ажыратылыўы белгиленген.
Бүгин район ҳәкими А.Тажетдиновтың қатнасыўында көшпели қабыллаўы болып өтти. Қабыллаўда пуқаралардан келип түскен мүрәжатлар көрип шығылды. Болып өткен қабыллаўда пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилиги сол орында өзиниң унамлы шешимин тапты.
Шымбай районы ҳәкимлиги тәрепинен социаллық тармақларда жәрияланған «Тағ жап» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жол мәселеси бойынша мүрәжаты үренилип шығылды. Атап айтқанда «Тағжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан быйылғы жылы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-сентябрь күнги “Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социал-экономикалық раўажландырыў, қолай бизнес орталығын жаратыў, инновацион технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктуралар менен тәмийинлениў дәрежесин және де жақсылаў […]
Шымбай районы аймағынан бираз жырақта жайласқан «Пашент таӯ» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағында бүгинги күнде халық саны 3295 , хожалық саны болса 426 ны қурап аймақ турғынлары аӯызбиршиликли түрде жасап келмекте. Бүгин аймақ турғынлары ушын қос қуӯаныш себеби,Наўрыз-жаңаланыў, мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир қымбат байрамы” ҳәмде «Үш әўлад ушырасыўы» кеӯилли даӯам етти. Байрамға район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм Өзбекстан […]
Халқымыздың ески тарийхы, бай мәденияты ҳәм бийбаҳа қәдириятларын өзинде жәмлеген Наўрыз байрамы ең қәдирли миллий байрамларымыздан бири болып есапланады. Бүгин район орайында жайласқан Амфитеатрда «Хош келдиң бәҳәрим – хош келдиң Наӯрыз атамасында байрам болып өтти. Онда район ҳәкими А.Тажетдинов шығып сөйлеп, жыйналғанларды Наўрыз байрамы қызғын менен қутлықлады. Быйылғы Наӯырыз байрамы Республикамызға белгили қосықшылардың атқарыӯындағы қосықлар, […]
1. Аўыл хожалығына мөлшерленген ҳәкимият қоры есабында бос турған жер майданларынан фермер хожалықларын шөлкемлестириў ҳәм “Ашық электрон” таңлаўына шығарыў ҳәм де дийқаншылық арқалы жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ушын жер майданларын ажыратыў ҳаққында 2. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық Палатасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының қоспа қарары тийкарында жерге болған ҳуқықты тастыйықлаўшы ҳүжжетлери толық болмаған, ҳүжжеттеги […]
2024-жыл даўамында район аймағында Агросаноат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы Шымбай район бөлими ҳәм Шымбай районы Ишки ислер бөлими мемен турақлы түрде рейд илажлерин өткериў белгиленген. Рейд илажлары даўамында районда юридикалық ҳәм физикалық шахсларға тийисли болған аўыл хожалығы, мелиорация ҳәм жол-қурылыс техникалары белгиленген тәртипте рәсмийлестирилместен, техникалық паспортсыз ҳәмде техникалық көриктен өтпестен пайдаланылып атырғанлығы анықланган […]
Онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мáмлекетлик университети ректоры, академик Aхмед Реймов, район ҳәкими AТажетдинов ҳәм басқада сектор басшылары ҳәм оқыӯшы жаслар қатнасты. Ушырасыӯда дәслеп A.Реймов сөзге шығып, бүгинги күнде мәмлекетимиз тәрепинен билимлендириӯ тараӯына қаратылып атырған итибар, жәна реформалар, жасларға жаратылған имканиятлар ҳаққында айтып өтти.
2024-жылдың январь айында Шымбай районында санаат өнимлерин ислеп шығарыӯ көлеми 22,1 млрд. суӯмды қурады. Өсиӯ пәти өткен жылдың сәйкес дәӯирине салыстырғанда 127,3 % ти қурады