Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мәжилис өткерди.
Онда тийисли министрлик, комитет, басқарма басшылары ҳәм районлық мәкеме, шөлкем баслықлары қатнасты.
Өткерилген мәжилисте тараў басшылары ҳәм жуўапкер шахслар тәрепинен әмелге асырылған жумыслар бирме-бир талқыланып, артта қалыўшылык жағдайлары сынға алынды.
Соның менен бирге жаңа жумыс орынларын жаратыў, экспорт потенциалын жақсылаў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, кредит қаржыларын ажыратыў ҳәм басқа да жөнелислер бойынша бир қанша баслы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў тийис екенлиги атап өтилди.