Үгит – нәсият жумыслары алып барылды

Үгит – нәсият жумыслары алып барылды

22.04.2024 18:43:21 275 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң жанылғы-энергетика тараӯында базар механизмлерин енгизиӯдиң қосымша ис-илажлары ҳаққындагы 204-санлы қарарының мазмун-мәнисин кең жәмийетке түсиндириӯ мақсетинде Шымбай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында мәхәлле жетилиги ҳәм штаб ағзалары қатнасыӯында ушырасыӯ болып өтти.

Ушырасыӯда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Комитет баслығы Ш.Өтемисов, Мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов, район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм сектор баслықлары қатнасты.

Ушырасыӯ даӯамында қарардың мазмун-мәниси, энергия ресурсларынан үнемли пайдаланыӯ, шаңарақларда қайта тиклениӯши энергия ресурсларының орнатылыӯы ҳәм энергия тежеӯши технологиялар енгизилиӯин қоллап-куӯатлаӯ ҳәм классификацияланған тәрифлер бойынша бир қатар түсиниклер берилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content