Шымбай районлар аралық экономикалық судлары тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў, нызамшылықты беккемлеў жолында 2025-жылдың 3 айы даўамында әмелге асырылған жумыслар бойынша

Шымбай районлар аралық экономикалық судлары тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў, нызамшылықты беккемлеў жолында 2025-жылдың 3 айы даўамында әмелге асырылған жумыслар бойынша

06.05.2025 18:17:06 | 101

ϴзбекстан Республикасы Конституциясы, ϴзбекстан Республикасы “Судлар ҳаққында”ғы Нызамы, ϴзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине тийкар экономикалық судларының тийкарғы ўазыйпалары бул – экономика тараўында кәрханалар, мекемелер, шөлкемлер ҳәм пуқаралардың бузылған яки даўласып атырған ҳуқықларын ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў, экономика саласында нызамшылықты беккемлеў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға көмеклесиў, нызамға ҳәм судқа ҳүрметте болыў қатнасықларын қәлиплестириў болып […]

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги 8-сессиясының күн тәртибинде қаралатуғын мәселелер

30.04.2025 17:22:34 | 147

1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шымбай районындағы Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханасына 2025-жыл 1-шерек даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында. 2. Шымбай районы Ишки ислер бөлими тәрепинен 2025-жылдың 3 айы даўамында Шымбай районы аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслары ҳаққында. 3. Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң 2025-жыл 3-апрель күнги VII-7-36-13-192-К/25-санлы […]

Қыйтақ жер – дәрамат дәреги

28.04.2025 16:40:21 | 188

Шымбай районы “Тазғара” мәҳәллесинде қыйтақ жерден үнемли пайдаланыў бойынша көргизбели семинар шөлкемлестирилди Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Н.Ерлепесов, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри К.Азербаев, Ѳзбекстан мәҳәллелер аўқамының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Турманов, район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәмде райондағы мәҳәлле белсендилери қатнасты. Семинар қатнасыўшылары мәҳәлле турғыны – А.Сметовтың шаңарағында болып, үлигили қыйтақ жер ийесиниң тәжирийбеси […]

Шымбай районында Пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўына таярлық көриў мәселелерине бағышланған семинар болып өтти

23.04.2025 16:28:22 | 253

  Шымбай районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында мәҳәлле баслығы сайлаўын өткериўши жумысшы топар баслықлары ушын оқыў семинары шөлкемлестирилди. Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Жергиликли ҳәкимияттыӊ ўәкилликли ҳәм пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм де мәмлекетлик уйымлардыӊ ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитети баслығы Ш.Өтемисов, жумысшы топар ўәкиллери, мәҳәлле белсендилери қатнасты. Семинарда мәҳәлле баслығы сайлаўын өткериў тәртиби, тийкарғы тәреплери, процессти […]

«Арал балықларынан 99 түрдеги тағамлар» халықаралық гастрономиялық фестивалы өткерилди

21.04.2025 09:25:59 | 144

Қарақалпақстан Республикасында өткерилип атырған «Арал туризми» халықаралық ҳәптелиги шеңберинде бүгин Нөкис қаласында «Арал балықларынан 99 түрдеги тағамлар» халықаралық гастрономиялық фестивалы болып өтти. Фестивальда аймақлардың гастрономиялық туризм потенциалы кеңнен үгит-нәсиятланыўы белгиленген болып, онда көп миллетли елимизде жасаўшы барлық халық ҳәм миллет ўәкиллери ушын сүйикли болған тағамлар шебер аспаз ҳәм ҳәўескерлер тәрепинен таярланды. Иләжда жергиликли ҳәм сырт […]

Шымбай районында Мәҳәллелерде Сайхунабад тәжирийбеси бойынша медиа-тур болып өтти

18.04.2025 16:04:48 | 143

Шымбай районында Мәҳәллелерде Сайхунабат тәжирийбеси бойынша медиа-тур болып өтти Бүгинги күнде районымызда 22 мәҳәллелер бар болып әпиӯайы халық шаӯашылық, дийқаншылық, бағшылық, өнерментшилик пенен шуғыланады.Сондай – ақ Шымбай районы Мәлимлеме хызмети ҳәм райондағы сиясий газета «Шымбай ҳаӯазы» газетасы журналистлери менен биргеликте «Темир жол гүзары» мәҳәллесине пресс-тур шөлкемлестирилди. “Темир жол гүзары” мәкан пуқаралар жыйынындағы Ережепов Рейим ағаны […]

Қызыңыздың зорлықтан қашып үйге келиўи емес, ал зорлыққа шыдаўға мәжбүр болыўы – ҳақыйқый үлкен уят – Саида Мирзиёева

16.04.2025 17:05:59 | 140

Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева Президент тәрепинен нызамшылыққа некеден ажыратыўда судлар тәрепинен тайынланатуғын «татыўластырыў дәўири»н бийкар етиўге байланыслы өзгерис киргизилгенине мүнәсибет билдирди. (https://t.me/SShMirziyoyeva/2801) Буны ҳаял-қызларды шаңарақтағы зорлықтан қорғаў, олардың ҳуқықларын ҳүрмет етиў жолындағы үлкен қәдем деп есаплайман. Егер шаңарақта инсан қәдири ҳүрмет етилмесе ҳәм ол физикалық, психологиялық ямаса экономикалық кемситиўлерге ушыраса, ол жерде келисимге келиў, жарасыў […]

“МӘДЕНИЯТ ҲӘМ КӨРКЕМ-ӨНЕР ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИ КҮНИ”

16.04.2025 08:40:30 | 156

Соңғы жылларда мәмлекетимизде мәденият ҳәм көркем-өнерге қаратылып атырған айрықша итибар себепли, тараўда бир қатар реформалар әмелге асырылып атырғаны бәршеге белигили. Усы тийкарда, 2020-жыл 26-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың “Өзбекстан Республикасында мәденият ҳәм көркем-өнер тараўын және де раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманында,15-апрель сәнеси “Өзбекстан Республикасы мәденият ҳәм көркем-өнер хызметкерлери күни” етип белгиленди. Байрам мүнәсибети менен   бүгин […]

Ҳүрметли Ўатанласлар, қәдирли Мəденият ҳəм көркем өнер тараўы пидайылары!

15.04.2025 10:25:35 | 110

Сизлерди бүгинги Мәденият ҳəм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз. Ҳəр қандай халықтың мəденияты менен көркем өнерине деген ҳүрмет – бул сол халықтың өтмиш тарийхы, миллийлиги, үрп-əдет ҳəм дəстүрлерине болған ҳүрмет саналады. Сонлықтан да бүгинги байрам тамыры терең тарийхқа ийе көп миллетли халқымыздың, пүткил елимиздиң байрамы, десек алжаспаған боламыз. Мәденият ҳәм көркем […]

Тайынлаў

10.04.2025 10:27:47 | 114

Даулетов Клышбай Джаббарбергенович – Тахтакөпир районы ҳәкиминиң орынбасары-инвестициялар, санаат ҳәм саўда бөлими баслығы лаўазымына тайынланды. К.Даулетов тайынлаўға шекем Шымбай районы «Кеңес» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшиси лаўазымында ислеп келген.  

Пайдалы ресурслар