Бүгин Шымбай районы ҳәкимлигинде төрт сектор басшылары қатнасыўында көшпели қабыллаў болып өтти. Қабыллаўда пуқаралардан келип түскен мүрәжатлар көрип шығылды.
Атап айтқанда, «Көкши-қала» аӯыл пуқаралар жыйыны турғыны К.Қоңырбаев шаңарақ жағдайлары бойынша матераллық жәрдем сорап мүрәжат етти.Нәтийжеде 1 млн 500 мың сӯм қаржылай жәрдем көрсетилетуғын болды.
Болып өткен қабыллаўда пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилиги сол орында өзиниң унамлы шешимин тапты.