Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 31 жыл толыўы мүнәсийбети менен Шымбай районында байрам салтанатлы түрде белгиленди

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 31 жыл толыўы мүнәсийбети менен Шымбай районында байрам салтанатлы түрде белгиленди

08.04.2024 18:00:44 301 Баспаға шығарыў

1993-жыл 9-апрельде қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы елимизде миллий нызамшылықтыӊ тийкары сыпатында пуқаралар еркинликлери ҳəм мəплери жолында хызмет етип келмекте. Жəмийетте əдиллик принциплерин орнатыўда əҳмийетли ҳүжжет саналған Конституциямыз — мəмлекетимизде жасаўшы ҳəр бир шахстың ҳуқықларын кепиллейди. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген  күн сәне мүнәсибети менен районымызда байрам салтанатлы түрде өткерилди.Илажда районлық кеңес депутаты Ө.Толыбеков, Шымбай районлар аралық Экономикалық судының баслығы З.Бердимуратовлар Қарақалпақстан Республикаси Конституцияси қабыл етилгениниң 31 жыллығы менен қутлықлады.Байрам кешеси Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content