Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 22-август күнги «2022-2023-жылларда мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўын жаңа басқышқа алып шығыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында бүгин Шымбай районы «Жипек жолы» мәкән пуқаралар жыйынында жаңадан шөлкемлестирилген “BPO” (Business Processes Outsourcing) – аралықтан турып хызметлер көрсетиў орайының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Комитет баслығы Ш.Өтемисов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мáмлекетлик университети ректоры, академик A. Реймов, Санлы техналогиялар министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы ўәкили, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, нураныйлар ҳәм жаслар қатнасты.
Орайдың баслы мақсети елимизде санлы технологияларын еледе раўажландырыў, IT тараўында жасларымыздың билимлерин беккемлеў арқалы ҳәр қыйлы жойбаралар дүзилип, сырт елге экспорт хызметлерин көрсетиў ҳәм сол тийкарында жасларды турақлы түрде жумыс пенен тәмийинлеў болып табылады.