Айырым исбилерменлерге субсидия ажыратылады

Айырым исбилерменлерге субсидия ажыратылады

04.04.2024 10:46:01 132 Баспаға шығарыў

Усы жылдың 1-апрель күни Президентимиздиң ПҚ-146-санлы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў комплекс бағдарламасы шеңберинде 2024-жылда жоқары дәраматлы ҳәм экспортбап аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, сақлаў, сайлап алыў, қақлаў, қайта ислеў ҳәмде оларды экспорт қылыў менен шуғылланыў менен байланыслы илажларды әмелге асырыў ушын коммерциалық банклер тәрепинен жәми 1,5 трлн. сумға шекемги муғдарда кредит ресурслары бағдарланады.

Жергиликли өнимлер стендлерин аўыл хожалығы өнимлерине қәнигелескен абырайлы халықаралық көргизбе ҳәм ярмаркаларда тартымлы локацияларда жайластырыў ушын арза киргизиў ҳәм Саўдаға көмеклесиў фондына әмелде ажыратылған қаржылар есабынан алдыннан 100 пайыз төлеп бериў тәртиби енгизиледи.

Бунда көргизбе ҳәм ярмарка илажларында қатнасыў қәрежетлери ушын исбилерменлик субъектлериниң турақлылық рейтингиндеги категориясына сәйкес түрде субсидиялар ажыратылады.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content