Қарақалпақстанда болып өткен тәртипсизликлерде гүманланған Нөкис қаласы, Хожели, Шоманай, Беруний, Қанлыкөл ҳәм Нөкис районларынан және 35 пуқара Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының илтимаснамасы, Бас прокуратура тәрепинен Қарақалпақстанда болып өткен тәртипсизликлерди ғәрезсиз түрде үйренип атырған Комиссия ағзаларының усынысы ҳәм депутатлар кепиллиги менен инсаныйлық принципи тийкарында өз шаңарағына қайтарылды.
Мағлыўмат орнында айтып өтиў орынлы усы жылдың август айында Қарақалпақстандағы тәртипсизликлерде гүманланған 34 пуқара жәмийетлик кепиллик тийкарында, октябрь айында болса депутатлық кепиллик тийкарында және 38 пуқара өз шаңарағына қайтарылған еди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети