Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатында раўажланыўы

Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатында раўажланыўы

30.11.2021 11:41:19 | 162

Тил – адамлар арасында қарым-қатнас жасаўдың ең әҳмийетли қуралы. Жәмийетте тилсиз қарым-қатнас жасай алмаймыз ҳәм жәмийет ағзалары бир-бири менен пикир алыса алмайды. Усындай үлкен байлығымыз болған қарақалпақ тили Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили болып табылады. Дүнья жүзинде лингвистлердиң анықлаўынша 7000 мыңға шамалас тил бар деген пикирлер ушырасады. Усы тиллердиң бири болған қарақалпақ тили Алтай тиллери семясы, […]

Жәмийетимизде гендер теңлигин тәмийинлеўдиң әҳмийети

30.11.2021 11:01:38 | 290

Ѳзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев 2020-жылдың 29-декабринде Олий мажлиске мүрәжатнамасында айтып ѳткениндей «Мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўында ҳаяллардың орны ҳәм абыройын беккемлеў реформаларымыздың ең баслы жѳнелислеринен бири болып есапланады». Мәмлекетимизде гендер теңлигин тәмийинлеў барысында бир қанша нызам ҳүжжетлери қабыл етилип келмекте. Атап ѳткенде, Ѳзбекстан Республикасы Олий мажлиси Нызамшылық палатасы тәрепинен 2019-жылдың 17-август күни Ѳзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызлар ҳәм […]

Банкротлық ҳаққындағы Нызам бойынша қысқаша түсиник

26.11.2021 15:20:08 | 329

Бул Нызамның мақсети юридикалық шахслар, жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәмде жеке тәртиптеги исблермен статусын жоғалтқан физикалық шахслардың банкротлығы тараӯындағы қатнасықларды тәртипке салыӯдан ибәрат. Нызам бойынша банкроттың белгилери көрсетилген болып олар төмендегилер: қарыздардың пул миннетлемелери бойынша кредиторлар талапларын қанаатландырыӯға ҳәм (яки) мәжбүрий төлемлер бойынша өз миннетлемесин орынлаӯға ийе емеслиги; егер тийисли миннетлемелер ҳәм (яки) төлеӯ миннетлемелери жүзеге […]

Белсендилер анықланды

26.11.2021 10:31:11 | 139

Шымбай районындағы барлық жумыс орынларында хызмет етип киятырған ҳаял-қызлар ортасында     тараўларда мийнет етип киятырған ҳаял-қызлар қатнасында көркем гимнастика түринен жарыс болып өтти. Жарыста  районлық ХББ қараслы мектеп оқытыўшылары, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими  атынан қатнасқан ҳаял- қызлар жеңимпаз деп табылып  районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлими тәрепинен сыйлықланды.

«Қошқар жыққын» да Медиа-тур

25.11.2021 17:46:17 | 169

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги тәрепинен Қарақалпақстанның бес районында БМШтың Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик траст фонды ҳәм Япония ҳүкиметиниң қаржылай жәрдеминде әмелге асырылып атырған жойбарлар менен таныстырыў мақсетинде мәмлекетлик ҳәм жеке меншик ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын еки күн даўамында медиа-тур өткерилди.Сондай-ақ Медиа-тур […]

Шымбайда мийманлар БМШ қәӯендерлигиндеги жойбарлар менен танысты

25.11.2021 17:21:02 | 262

Шымбай районында Бирлескен миллетлер шөлкеминиң раўажланыў бағдарламасы ҳәм усы шөлкемниң Халық фонды қаржылары есабынан бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, “RAMAZAN  SARSENBAEV” жеке меншик кәрханасы тәрепинен улыўма баҳасы 31 мың 282 долларлық мийўе-палыз өнимлерин сақлаў ушын ҳәр бир камерасы 50 тонналық 2 музлатқыш шөлкемлестириў жойбары тийкарында әмелге асырылып, жойбардың иске түсиўи нәтийжесинде 3 жумыс […]

Халық билимлендириўи тараўында кемшиликлер талықланды

25.11.2021 10:18:02 | 361

Халық билимлендириўи тараўында 2021-жыл 9 ай даўамында исленген жумыслар, жетискенликлер менен бирге  қәте-кемшиликлер, сондай- ақ усы жыл 3-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы билим сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспециясы  тәрепинен жәрияланған улыўма орта билим бериў мектеплери рейтинги нәтийжелери ҳәр тәреплеме талқыланып, кемшиклерди сапластырыўда ҳәм тараў илгирилеўинде алда турған ўазыйпалар белгилеп алынды. Кеңес мәжилисине район ҳәкими […]

Jaslar ushın Media – tur

25.11.2021 08:51:11 | 96

  Shımbay rayonında júz berip atırǵan unamlı ózgerisler, jaslar ushın jaratılıp atırǵan sharayatlar menen olardı jaqınnan tanıstırıw maqsetinde tanısıw sayaxatı shólkemlestirildi.   Bunda Jaslar isleri agentligi  Shımbay rayonlıq bólimi baslıǵı I. Zarlikov belsendi jaslardı rayon orayında qurılıp atırǵan “Amfiteatr”, Mádeniyat orayı”, Jaslar orayı” qurılıs joybarları menen jaqınnan tanıstırdı.   Jaratılıp atırǵan jaqsı sharayatlarǵa jaslardan múnásip […]

Шымбай районы Балалар – өспиримлер спорт мектебиниң қызлары жеңимпаз

22.11.2021 10:28:12 | 197

  Усы  жыл 12-18 ноябрь күнлери аралығында Наманган ӯәлаяты Наманган қаласында спорттың «Гандбол» түри бойынша қызлар арасында Өзбекстан Республикасы чемпионаты болып өтти.Усы болып өткен чемпионатқа Шымбай районы Балалар- өспиримлер спорт мектебиниң қызлар командасы Қарақалпақстан сайланды командасы қурамы атынан қатнасып сыйлы 3-орынды ийеледи.Усы чемпионатқа Республикамыздың барлық ӯәлаятларынан командалар қатнасты. Оқыӯшы жасларды тәжирейбели тренер оқытыӯшылар  Гулистан Сейтмуратова […]

Shımbay rayonında kórgizbeli seminar bolıp ótti

22.11.2021 10:11:46 | 159

Seminarǵa Ózbekstan Respublikası Bas Wázirining orınbasarı Sh.M.Ǵaniev, Ózbekstan Respublikası awıl xojalıq Ministrining birinshi orınbasarı Sh.J.Teshaev, Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesi Baslıǵınıń orınbasarı D.J.Qaypov hám de rayon hákimi menen birge tiyisli taraw qánigeleri fermer xojalıqları jumısshıları qatnastı. Seminar kún tártibinde Prezidentimiz baslaması menen ilgeri súrilgen «Jasıl máskan» áhmiyetli 40 kún akciyası sheńberinde terek nállerin egiw, ishki jap […]

Пайдалы ресурслар
Skip to content