Халық билимлендириўи тараўында 2021-жыл 9 ай даўамында исленген жумыслар, жетискенликлер менен бирге қәте-кемшиликлер, сондай- ақ усы жыл 3-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы билим сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспециясы тәрепинен жәрияланған улыўма орта билим бериў мектеплери рейтинги нәтийжелери ҳәр тәреплеме талқыланып, кемшиклерди сапластырыўда ҳәм тараў илгирилеўинде алда турған ўазыйпалар белгилеп алынды.
Кеңес мәжилисине район ҳәкими орынбасары А.Сулайманов қатнасты ҳәм билимлендириў сапасын асырыўда тийкарғы мәселелер бойынша ѳз пикир усынысларын билдирди.