Жәмийетимизде гендер теңлигин тәмийинлеўдиң әҳмийети

Жәмийетимизде гендер теңлигин тәмийинлеўдиң әҳмийети

30.11.2021 11:01:38 307 Баспаға шығарыў

Ѳзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев
2020-жылдың 29-декабринде Олий мажлиске мүрәжатнамасында айтып ѳткениндей «Мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўында ҳаяллардың орны ҳәм абыройын беккемлеў реформаларымыздың ең баслы жѳнелислеринен бири болып есапланады».

Мәмлекетимизде гендер теңлигин тәмийинлеў барысында бир қанша нызам ҳүжжетлери қабыл етилип келмекте.

Атап ѳткенде, Ѳзбекстан Республикасы Олий мажлиси Нызамшылық палатасы тәрепинен 2019-жылдың 17-август күни Ѳзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятлар кепилликлери туўрысында»ғы Нызамы қабыл етилип, Нызам Ѳзбекстан Республикасы Олий мажлиси Сенаты тәрепинен 2019-жылдың 23-августында мақулланды.

Нызамда усы нызамның тийкарғы мақсети, түсиниги, тийкарғы принциплери, жыныс бойынша кемситилиўге жол қойылмаслық, гендер-ҳукықый экспертизасы ҳәм гендер статистикасын қәлиплестириў тәртиплери белгиленген.

Бул Нызамның мақсетине келетуғын болсақ, бул тийкарынан ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятларды тәмийинлеў тараўындағы мүнәсибетлерди тәртипке салыўдан ибарат.

Сондай-ақ, нызамда гендер, гендер статистикасы сыяқлы атамаларға түсиндирмелер берилген.

Яғный, гендер – бул ҳаял қызлар ҳәм ерлер ортасындағы мүнәсибетлердиң жәмийет ѳмири ҳәм искерлигиниң барлық тараўларында, соның ишинде сиясат, экономика, ҳуқық ҳәм мәденият, билим бериў ҳәмде илим-пән тараўында сәўлелениўин табатуғын социаллық тәрепи есапланады.

Мәмлекетимизде кейинги жылларда барлық тараўлар киби суд тараўында да гендер теңлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратып келинбекте.

Буған мысал ретинде 2020-жылдың 30-июнында ѳткерилген әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў барысында ўазыйпалар додалаўына бағышланған видеоселектор мәжилисинде де Президентимиз ҳәзирги күнде искерлигин әмелге асырып атырған судьялардың 14 пайызын ҳаяллар қурайтуғынлығын инабатқа алып, бул бойынша гендер теңликке итибар қаратылыўы лазым екенлигин айрықша атап ѳтти.

Бул ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, суд органларында ҳаял-қызлардың белсендилигин асырыў ҳәмде судья ҳаял-қызлардың санын асырыў бойынша бир қанша иләжлар әмелге асырылмақта.

Тийкарынан 2020-жылдың ноябрь айында Ѳзбекстан Республикасы Олий мажлиси Сенаты баслығы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы тәрепинен «Қарақалпақстан Республикасында жынаятларды жылаўлаў, жынаятшылық профилактикасын жәнеде жетилистириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциядан тысқары аймаққа айландырыў» бойынша Жол картасы ислеп шығылып, усы Жол картасында судьялар арасында гендер теңликти тәмийинлеў бойынша ис-иләжлар белгиленди.

Атап айтатуғын болсақ, судьялық лаўазымына талабанлар резервин қәлиплестириў ушын Республикамыз аймағында искерлигин әмелге асырып атырған ҳаял юристлер менен ҳәмде жоқары оқыў орынларының юрист қәнигелигинде билим алып атырған ҳаял-қызларды келешекте суд органларында искерлигин әмелге асырыўға шақырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы судының судьялары тәрепинен реже тийкарында ушырасыўлар ѳткерилип келинбекте.

 

 

 

Гүлистан Ешназарова,

 

Қарақалпақстан Республикасы судының

экономикалық ислери бойынша судьясы         

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content