Шымбайда мийманлар БМШ қәӯендерлигиндеги жойбарлар менен танысты

Шымбайда мийманлар БМШ қәӯендерлигиндеги жойбарлар менен танысты

25.11.2021 17:21:02 349 Баспаға шығарыў

Шымбай районында Бирлескен миллетлер шөлкеминиң раўажланыў бағдарламасы ҳәм усы шөлкемниң Халық фонды қаржылары есабынан бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, “RAMAZAN  SARSENBAEV” жеке меншик кәрханасы тәрепинен улыўма баҳасы 31 мың 282 долларлық мийўе-палыз өнимлерин сақлаў ушын ҳәр бир камерасы 50 тонналық 2 музлатқыш шөлкемлестириў жойбары тийкарында әмелге асырылып, жойбардың иске түсиўи нәтийжесинде 3 жумыс орны жаратылады.

Сондай-ақ, районлық Медицина бирлеспесине қараслы Шаңарақлық полиникасына жатыр мойны саратанын скрининг қылыўға инсан папилломавирусына тесттен өткериў ушын Бирлескен миллетлер шөлкеминиң Халық фонды қаржылары есабынан улыўма баҳасы 125 мың 860 долларлық медициналық үскенелер алып келинип орнатылды.

Солардың қатарында “Майжап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Қошқар жыққын аўылында хожалықларды таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде, Бирлескен миллетлер шөлкеминиң раўажланыў бағдарламасы қаржылары есабынан улыўма баҳасы 151 мың 104 доллар болған жаңадан 5 км. ишимлик суўы линиясы тартылып, “Суў тазалаў станциясы” имараты реконструкцияланды ҳәм үскенелер алып келинип орнатылды. Нәтийжеде 68 хожалық таза ишимлик суўы менен тәмийинленди.

Бүгин районымызда Бирлескен миллетлер шөлкеминиң раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы ўәкилханасы баслығы Матильда Димовска, Японияның Өзбекстан Республикасындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ёшинори Фуджияма, БМШ Халықтаныўшылық фондының Өзбекстандағы ўәкили Ю.Юди, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов ҳәм район ҳәкими А.Тажетдиновлар  жойбарлар менен танысты.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content