«Қошқар жыққын» да Медиа-тур

«Қошқар жыққын» да Медиа-тур

25.11.2021 17:46:17 264 Баспаға шығарыў

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги тәрепинен Қарақалпақстанның бес районында БМШтың Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик траст фонды ҳәм Япония ҳүкиметиниң қаржылай жәрдеминде әмелге асырылып атырған жойбарлар менен таныстырыў мақсетинде мәмлекетлик ҳәм жеке меншик ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын еки күн даўамында медиа-тур өткерилди.Сондай-ақ Медиа-тур қатнасыўшылары Шымбай районындағы «Майжап» АПЖдағы «Қошқар жыққын» аўылы аймағында толық түрде қайта реконструкцияланған суў тазалаў қурылмасын барып көрди. Бул жерде тезлиги саатына 8 кубометр болған суў тазалаў үскенеси ҳәм суў тәмийнаты тармағы орнатылған.

Сондай-ақ, быйыл райондағы «Жаңамәкан» елатлы пунктинде, «Гүжимли» мәкан пуқаралар жыйынында да 10600 метрлик суў қубырлары тармағы өткерилген. Нәтийжеде 1200 ден аслам жергиликли турғынлар таза ишимлик суўы менен тәмийинленген.

БМШтың Раўажланыў бағдарламасы Қарақалпақстанның шетки районлары ҳәм аўылларында инсан қәўипсизлигин тәмийинлеў арқалы экологиялық инновация ҳәм технологиялар зонасын шөлкемлестириў бойынша Аралбойы регионын раўажландырыўға жәрдем бериўин даўам етпекте.

Пайдалы ресурслар
Skip to content