Банкротлық ҳаққындағы Нызам бойынша қысқаша түсиник

Банкротлық ҳаққындағы Нызам бойынша қысқаша түсиник

26.11.2021 15:20:08 412 Баспаға шығарыў

Бул Нызамның мақсети юридикалық шахслар, жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәмде жеке тәртиптеги исблермен статусын жоғалтқан физикалық шахслардың банкротлығы тараӯындағы қатнасықларды тәртипке салыӯдан ибәрат.
Нызам бойынша банкроттың белгилери көрсетилген болып олар төмендегилер:
қарыздардың пул миннетлемелери бойынша кредиторлар талапларын қанаатландырыӯға ҳәм (яки) мәжбүрий төлемлер бойынша өз миннетлемесин орынлаӯға ийе емеслиги;
егер тийисли миннетлемелер ҳәм (яки) төлеӯ миннетлемелери жүзеге келген күннен баслап үш ай ишинде қарыздар тәрепинен орынламаған болса, қарыздар қаланы қураӯшы кәрхана ҳәмде оған теңлестирилетуғын кәрханалар тәрепинен болса – алты ай ишинде орынламаған болса;
егер қарыздар юридик шахсқа қарата жәми талаплар базалық есаплаӯ муғдарының кеминде үш жүз есесин қураса, қарыздар қаланы қураӯшы кәрхана ҳәмде оған теңлестирилетуғын кәрханаға қарата базалық есаплаӯ муғдарының кеминде бес жүз есесин қураса, қарыздар жеке тәртиптеги исбилермен яки жеке тәртиптеги исбилермен статусын жоғалтқан физикалық шахсқа қарата болса базалық есаплаӯ муғдарының жигирма есесин қураса, қарыздарың банкротлық белгилери есапланады.
Бирақ, бул қағыйдалар банкротлық ҳаққындағы ислер әпиӯайыластырылған тәртипте көрип шығылғанда қолланылмайды.
Бул банкротлық ҳаққындағы ис экономикалық суд тәрепинен көрип шығылады.
Пул миннетлемелерин орынламағанлығы мүнәсибети менен қарыздарды банкрот деп табыӯ ҳаққындағы арза менен қарыздар, кредитор ҳәм прокурор экономикалық судқа мүрәжаат етиӯ ҳуқықына ийе.
Қарыздар тәрепинен банкротлық ҳаққында арза бериӯде Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы” ҳаққындағы 2020-жыл 6-январь күнги
600-санлы Нызамы қосымшасының мәмлекетлик бажы ставкаларының муғдаралары бөлиминде базалық есаплаӯ муғдарының 3 есеси муғдарында мәмлекетлик бажы пул төлениӯ лазымлығы белгиленген.

Шымбай районлар аралық
экономикалық судының
судьясы баслығы З.Бердимуратов

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content