Тил – адамлар арасында қарым-қатнас жасаўдың ең әҳмийетли қуралы. Жәмийетте тилсиз қарым-қатнас жасай алмаймыз ҳәм жәмийет ағзалары бир-бири менен пикир алыса алмайды. Усындай үлкен байлығымыз болған қарақалпақ тили Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили болып табылады.
Дүнья жүзинде лингвистлердиң анықлаўынша 7000 мыңға шамалас тил бар деген пикирлер ушырасады. Усы тиллердиң бири болған қарақалпақ тили Алтай тиллери семясы, Түркий топары, Қыпшақ-Ноғай топарына киреди. Ана тили – миллеттиң руўхый байлығы. Тил – мәмлекет тымсалы, мүлки. Тилди асыраў, раўажландырыў – миллеттиң раўажланыўы деген сөз. Өзбекстан Республикасы Конституциясында мәмлекетлик тил бийлиги ҳуқықый тәрептен белгиленип қойылған. Усы тийкарда өзбек ҳәм қарақалпақ тиллери Ғәрезсиз мәмлекетимиздиң байрағы, герби, гимни қатарында туратуғын, нызамшылық жол менен қорғалатуғын қүдиретли мәмлекет белгисине айланды. Буннан 32 жыл алдын өзбек ҳәм қарақалпақ тиллерине мәмлекетлик тил бийлиги берилген еди. Бул өз дәўиринде тереңирек мәниде айтқанда жоқары әҳмийетке ийе ўақыя болған еди. Себеби, Абу Райхан Беруний, Абу Али Ибн Сино, Әл Хоразмий, Ал Ферғаний, Әлийшер Наўайы, Әмир Темур, Мырза Улығбек, Бабур Мырза, Күнхожа Ибрайым улы, Әжинияз Қосыбай улы, Бердақ Ғарғабай улы, И.Юсупов, Т.Қайыпбергенов сыяқлы уллы данышпанларды жетистирип шығарған ана тилимиз жоғалып кетиў жағасында турған еди. Ғәрезсизликке дәслепки қәдемлер қойылған дәўирлерде-ақ, Президентимиз тәрепинен өзбек ҳәм қарақалпақ тиллерине мәмлекетлик тил бийлигин бериў мәселеси күн тәртибине қойылып, бул ис әмелге асырылған еди. Өзбек тилине 1989-жылы, 21-октябрде ал, қарақалпақ тилине 1989-жылы, 1-декабрде мәмлекетлик тил бийлиги берилди.
Бул мәмлекетимиз, халқымыз турмысында умытылмас, тарихый ўақыяға айланды. Егер сол ўақытта тил ҳаққында нызам қабыл етилмегенде, өзбек ҳәм қарақалпақ тили де тарийх бетлеринен орын алмас еди. Соны атап өтиў керек, өзбек ҳәм қарақалпақ тиллерине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиўи халқымыздың миллий ғәрезсизликке ерисиў жолындағы ең әҳмийетли қәдемлердиң бири болған еди. Ғәрезсизлик жылларында мәмлекетимизде барлық тараўлардағы сыяқлы тилимиз раўажланыўында да үлкен өзгерислер болды. Өзбек ҳәм қарақалпақ тиллериниң халық-аралық көлемде абыройы бир қанша асты.
Ғәрезсизликтиң шарапаты менен қарақалпақ тилине итибар күшейди ҳәм ана тилимиздиң социаллық дәрежеси бир қанша кеңейди. Қарақалпақ тилиниң раўажланыўы ҳәм келешеги ҳаққында бир қанша қарарлар қабыл етилди. “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы нызамның 6-статясында ”Қарақалпақстан Республикасында жасаўшы адамларға билим алыў тилин өзлери еркин түрде таңлаў ҳуқықы бериледи” – деп көрсетилген.
Биз тәлим-тәрбияны мектепке шекемги билимлендириў, улыўма ҳәм орта билимлендириў ҳәм жоқары оқыў орынларында қарақалпақ тилинде алыў ҳуқықына ийемиз. Соның менен бирге бизиң Қарақалпақстан Республикасында жасаўшы қазақ, түркмен, рус, өзбек тиллеринде де билим алыў ҳуқықына ийе. Сондай-ақ, “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы нызамның 7-статьясында “Жаңа илимге тийкарланған жаңа атамалар жәмийетшиликтиң талқылаўынан кейин Олий Мәжилистиң тийисли комитетиниң разылығы менен қарақалпақ тилиндеги аўдармасы енгизиледи”-деп атап көрсетилген. Биз енди бурынғы түсиниксиз ҳәм жәмийетимизге жарамсыз болған атамаларды алып таслап, олардың орнына ҳәзирги заман талабына сай өз ана тилимиздеги сөзлерди өз орнында пайдаланыў еркинлиги берилди. Барлық жәмийетлик орынларда рәсмийлеститиў жумыслары қарақалпақ тилинде жүргизиле баслады. “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы нызамының 22-статясында республиканың аймақлық майданлары, район, мәҳәлле, көше ҳәм географиялық орынлардың атамалары мәмлекетлик тилде сәўлеленеди”- деп көрсетилген.
1941-жылы 32 ҳәриптен ибарат кирилл әлипбеси қабыл етилди. 1958-жылы кирилл әлипбесине қарақалпақ тилиниң миллий өзгешелигине байланыслы 9 ҳәрип қосып киргизилди. 1995-жылы усы 41 ҳәриптен ибарат кирилл әлипбесиниң орнына 32 ҳәриптен ибарат жаңа латын әлипбеси қабыл етилди. 1996-жылдың сентябр айынан баслап барлық билимлендириў мәкемелеринде тәлим-тәрбия усы жаңа латын әлипбеси тийкарында жүргизиле баслады. 2009-жылдың декабрь айында усы латын әлипбесине ч, ц таңбалары киргизилди. Және де тс таңбасының орнына ц, сондай-ақ о, ө, е таңбаларының орнына ўо, ўө, йе таңбалары киргизилди. Бирақ, билимлендириў барысында бир қанша машқалаларды келтирип шығарғанлығы себепли, 2016-жылы ўо, ўө, йе таңбалары бурынғы ҳалатына о, ө, е келтирилди. “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы нызам ана тилимиздиң бар гөззаллығы ҳәм жылўасын толық сәўлелендириў менен бир қатарда, оны илимий тийкарда раўажландырыў барысында да кең имканиятлар жаратты. Алымлар ҳәм қәнигелер тәрепинен илим пән ҳәм түрли тараўларға тийисли энсиклопедия ҳәм сөзликлер, сабақлық ҳәм оқыў қолланбалары баспадан шықты. Миллий әдебиятымыз үлгилери, сексен мыңнан зыят сөз ҳәм бирикпелерин, пән, техника, санаат, мәденият ҳәм басқа тараўларға тийисли атамаларын, диалектке тийисли қолланылатуғын сөзлерди ишине алған “Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги” усы бойынша әмелге асырылып атырған әҳмийетлиси болып табылады.
Тил – миллет келбетиниң бир бөлеги. Дүньядағы барлық халықлар өзиниң миллий мәмлекетлик тилине ийе деп айта алмаймыз. Себеби, бул халықтың миллий ғәрезсизлиги менен байланыслы. Тийисли қәнигелердиң сөзлерине қарағанда, бүгинги күнде ҳәр еки ҳәптеде бир тил жоғалып бармақта. Бул өз гезегинде сол тиллерде сөйлесиўши халықтың жоғалып баратырғанын аңлатады. ЮНЕСКО ўәкиллериниң сөзлерине қарағанда, бир ўақытлары адамлар сөйлесетуғын тиллердиң саны 7 мыңға шекем жеткен болса, бүгинги күнде жер жүзинде 6 мың тил бар болып, олардың 90 проценти жоғалып кетиў алдында турыпты. Бул тийкарынан цвилизация себепли мәдениятынан айырылып атырған кем санлы миллетлердиң тили болып табылады. Бул тиллерде сөйлеўши халықтың айырымлары өз жазыўына да ийе емес.
Тил себепли халық ҳәм елатлардың мәденияты, үрп-әдетлери сақланып қалады, жер жүзинде жасап атырған халықлардың өтмиши ҳәм мәденияты ҳүрмет етиледи. Тилди изертлеўшилер жоғалып кетиў алдында турған тиллерди сақлап қалыўдың имканиятлары ҳәзирше қолдан кетпегенлигин атап өтеди. Тиллерди сақлап қалыў ушын болса, БМСҲ экспертлериниң пикиринше, бул тиллерден билимлендириў дүзиминде кең пайдаланыўды жолға қойыў керек.Тил – миллеттиң руўхый байлығы. Тил тек ғана адамлар арасындағы қарым-қатнас қуралы-бәлким халықтың мәданияты, үрп-әдети, оның турмыс тәризи, өтмиш тарийхы болып табылады. Түрли халықлардың тиллерине ҳүрмет болса, өз гезегинде бир-биреўди өз-ара түсиниўи, сәўбетлесиўлерге имканият жаратады. Тиллердиң сақланып қалыўы ушын болса, усы тиллерди қоллап-қуўатлаў зәрүр. Тап усы тил себепли инсаният анаў яки мынаў халыққа, миллетке тийислигин мақтаныш етип жасайды. Барлық тиллерди тән алыў ҳәм оны ҳүрмет етиў тынышлық ҳәм татыўлықтың кепили. Сол себепли де ҳәр бир халық өз ана тилин сақлап қалыў ушын ҳәрекет етеди. Ҳәр бир халықтың өзлигин танытыўшы миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлары болады. Тиришилик ушын таза ҳаўа менен қуяш нуры, нан, суў қаншелли зәрүр болса, миллеттиң жасаўы ҳәм раўажланыўын ана тилисиз көз алдымызға келтириў қыйын.
Ғәрезсизлик жылларында жаратылған ҳуқық ҳәм имканиятлар нәтийжесинде өзбек ҳәм қарақалпақ тиллериниң миллий өзине тәнлиги, сөзге бай ҳәм де тарийхый тамырлары терең екенлиги айқын сәўлеленбекте. Әсиресе, Абу Райхан Беруний, Абу Али Ибн Сино, Әл Хоразмий, Ал Ферғаний, Әлийшер Наўайы, Әмир Темур, Мырза Улығбек, Бабур Мырза, Күнхожа Ибрайым улы, Әжинияз Қосыбай улы, Бердақ Ғарғабай улы, И.Юсупов, Т.Қайыпбергенов сыяқлы ойшылларымыздың рәң-бәрең тили, халықшыллығы, ҳәм таўыстай таўланып жылўаланған тәрийиплеў усылларын терең үйрениў руўхыў дүньямызды да, сөйлеў ҳәм ойлаў дәрежемизди де байытып барады. Миллий тил ҳәм оның раўажланыў жолына ғамхорлық етиў, бир топар тийисли қәнигелерге ғана тийисли илимий-әмелий тараў яки мәўсимли бир илаж емес. Керисинше, бул әўладтан-әўладқа өтип, байып ҳәм сыбайласып киятырған халық тилиниң саплығы, еркинлиги ҳаққында қайғырыў, ана тилиниң толық қолланыў ҳуқықы ушын, миллет руўхияты, тәлим-тәрбиясы ҳәм мәденияты ушын гүресиў деген сөз. Ең баслы ўазыйпа. Усы тәрептен Әлийшер Наўайының дөретиўшилиги барлық әўладларға жоқары үлги. Уллы ойшыл “Муҳокаматул-луғатайн” шығармасында усы әҳмийетли машқала туўралы былай деп жазады: “Халық арасынан шыққан талантлылары, жуўапкершилик пенен бар қәбилетлилерин өз ана тили турып өзге тил менен сөйлемесе, ҳәм қолланбаса болар еди.
Егер еки тилде дөретиў қәбилетлери болса, ана тиллеринде көбирек жазса екен”-деп атап өтеди. Тил миллеттиң руўхый айнасы, халықтың уллылығы ҳәм даналығы болып есапланады. Солай екен, биз өз ана тилимизде бир-биримиз бенен сәўбетлесип, қәлбимизге жақын тилде тәлим алар екенбиз оның қәдирине жетейик, оны асырап абайлайық!
Раӯаж Утепбергенов,
Шымбай районы ҳәкиминиң руӯхый-ағартыӯшылқ жумыслары нәтийжелилигин асырыӯ, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиӯин тәмийинлеӯ мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси.