Быйылғы Ораза айында Қарақалпақстаннан 100 адам мәмлекет есабынан Умра зияратына жиберилди

Быйылғы Ораза айында Қарақалпақстаннан 100 адам мәмлекет есабынан Умра зияратына жиберилди

29.04.2023 16:17:07 | 104

Президентимиздиң басламасы менен ҳәр жылы Ораза айын мүнәсип белгилеўге айрықша итибар қаратылып, мүбәрек айда бир қатар жеңилликлер берилип келинбекте. Быйылғы жылда усылар қатарында Ораза айында социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж, кем тәмийинленген ҳәм темир дәптерде есапта турған мәмлекетимиздиң 1400 пуқарасы мәмлекет есабынан Умра зияратына жиберилди. Өз нәўбетинде зияратшылар муқәддес мәнзилде турып, халқымызға тынышлық, аўызбиршилик ҳәм жақсы тилеклер […]

Ҳаял-қызларға 7 жылға процентсиз тәлим кредити бериледи

28.04.2023 10:40:45 | 138

Жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириўде билим алыўшы ҳаял-қызларға 7 жылға 14 проценттен кредит ажыратылады. Бунда процент ставкаларын Финанс министрлигиниң фонды қаплап береди. Ҳаял-қызлар болса, тийкарғы қарызды оқыўды жуўмақлағаннан соң 7 жыл даўамында төлейди. “Жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде ҳаял-қызлардың билим алыўын қоллап-қуўатлаўға байланыслы ис-илажлар ҳаққында”ғы Президент қарарына (https://uza.uz/uz/posts/oliy-orta-maxsus-va-professional-talim-tashkilotlarida-xotin-qizlarning-talim-olishlarini-qollab-quvvatlashga-doir-chora-tadbirlar-togrisida_390943) тийкар 2022/2023-оқыў жылынан баслап […]

Үш әўлад ўәкиллериниң есте қаларлық дийдарласыўы болып өтти

27.04.2023 12:02:44 | 109

Нөкис қаласында жайласқан зәўлим имаратта Мәденият ҳəм көркем өнер хызметкерлериниң үш әўлады дийдарласты. Өткерилген ушырасыў кешесинде дәслеп узақ жыллар даўамында елимиз ҳәм халқымыз ушын пидайы мийнет еткен нураныйлар қатар дизилген жаслар тәрепинен сән-салтанат пенен ҳүрмет-иззет көрсетилип күтип алынды. Өз нәўбетинде нураныйлар жаслар менен ушырасып, олардың йошланып жырлап атырған қосықлары, атқарған намаларынан толқынланып, өзлериниң жаслық шағларын […]

Азғана итибар кеӯиллерди шад етти

26.04.2023 19:29:18 | 93

  Усы мүнәсибет пенен район ҳәкимлиги тәрепинен «Чернобыль» апатшылығының алдын алыўда белсене қатнасқан бир топар жерлеслеримизге кең дәстурхан жайылып, ҳүрмет-иззет көрсетилди. Онда сөзге шыққанлар ғәрезсиз елимиздиң тийкарын жаратыўда усындай азаматлардың орыны гиреўли екенин  айрықша атап өтти. Сондай-ақ илажда  «Черноболь» атом электростанциясында қаза тапқан ҳәм жәбирленгенлерди еслеп, руўхларына дуўалар оқыды.

Бүгинги қабыллаӯ жаслар ушын

26.04.2023 18:11:05 | 114

Бүгин Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов 1- сектор аймағына қараслы  «Көкши – қала» мәкан пуқаралар жыйындағы жаслар менен ушырасып олардың мүрәжатларын ҳәм усынысларын тыңлады. Жаслар көпшилиги исбилерменлик пенен шуғылланыӯ бойынша кредит алыӯда, өзлериниң мүрәжатларын айтып өтти. Мүрәжатлар орнында өз шешимин тапты.

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги елиў биринши сессиясы жуӯмақланды

25.04.2023 19:06:53 | 113

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң 2023-жыл 4-апрель күнги  қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында. Шымбай районының 2023-жылғы жергиликли бюджет параметри ҳәм де жергиликли бюджет дәраматларының артықша орынланған бɵлеги есабынан 2023-жылдың биринши ярымында жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыў ҳаққында. Районлық газ тәмийнаты бөлими тәрепинен 2022-2023-жыллар гуз-кыс мәўсиминде халықты табийий ҳәм суйылтырылған газ бенен тәмийнлеў бойынша […]

Устазлардың уллы жолы издеги шәкиртлерге барқулла үлги аларлық мектеп болады

19.04.2023 10:57:32 | 111

Нөкис қаласында жайласқан зәўлим имаратта Мәденият ҳəм көркем өнер хызметкерлериниң үш әўлады дийдарласты. Ушырасыў кешесинде дәслеп узақ жыллар даўамында елимиз ҳәм халқымыз ушын пидайы мийнет еткен нураныйлар қатар дизилген жаслар тәрепинен ҳүрмет-иззет көрсетилип күтип алынды. Өз нәўбетинде нураныйлар жаслар менен ушырасып, олардың йошланып жырлап атырған қосықлары, атқарған намаларынан толқынланып, өзлериниң жаслық шағларын еследи. Дийдар несип […]

Бүгин гезектеги қабыллаӯ болып өтти

18.04.2023 18:55:17 | 126

Бүгин район ҳәкими А.Тажетдиновтың жеке қабыллаӯы болып өтти. Қабыллаў даўамында коммуналлық хызмет бойынша ҳәмде жол машқаласы бойынша бәнтлик мәселелери  бойынша  мүрәжатлар  үйренилди. Мүрәжатлар басым көпшилиги орынында унамлы шешим тапты.Ал мүддет күтилетуғын мүрәжатлар бойынша тараў басшыларына тапсырмалар берилип барлық мүрәжатлар район ҳәкими тәрепинен қадағалаўға алынды.

Шымбай районында тийкарғы капиталға киритилген инвеститциялар

17.04.2023 11:22:54 | 93

2022 – жылдың январь -декабрь айларында Шымбай районында тийкарғы капиталға киритилген инвеститциялардың улыўма көлеми миллий валютада 278,1 млрд. Сумды яки 2021- жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда өсим пәти 121,7 процентти қурады.  

«Саламатлық сейиллери» акциясы шеӊберинде

14.04.2023 18:30:44 | 110

Бүгин, 14 – апрель күни Шымбай районы Медицина бирлеспесиниң көп тармақлы поликлиникасында Ташкент қаласындағы Республика қәнигелестирилген илмий-әмелий медицина орайлары  ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен бириктирилген тәжирийбели шыпакерлер менен биргеликте «Саламатлық сейиллери» акциясы шеӊберинде пуқараларды бийпул медициналық тексериўден өткериў шөлкемлестирилди.   Онда шыпакерлер тәрепинен район турғынларын медициналық көриктен өткерилип, ҳәр қыйлы кеселликлердиң келип шығыўының […]

Пайдалы ресурслар
Skip to content