Шымбай районы Ишки ислер бөлими, 3-сектор баслығы Утамбетов Сабит Абдижамиловичтиң “Сайхунабад тәжирийбеси” тийкарында “Мәҳәлле жетилиги” менен биргеликте әмелге асырылған жумыслар бойынша баянаты

Шымбай районы Ишки ислер бөлими, 3-сектор баслығы Утамбетов Сабит Абдижамиловичтиң “Сайхунабад тәжирийбеси” тийкарында “Мәҳәлле жетилиги” менен биргеликте әмелге асырылған жумыслар бойынша баянаты

21.05.2024 18:54:05 174 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2019-жыл 08-январь күнги «Аймақларды комплекс социал-экономикалық раӯажландырыӯ бойынша секторлар жумысларын жәнеде жеделлестириӯге бағдарланған қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4102-санлы қарарына тийкар 3-секторға бириктирилген “Гүжимли”, “Бахытлы”, “Майжап”, “Пашенттаӯ” ҳәм “Қызыл-өзек” пуқаралар жыйынларында 5330 шаӊарақта 26544 халық жасайды.

“Сайхунобод, тәжирийбеси” мысалында тамарқа ҳәм үй хожалықлары имканиятларын толық иске салыӯ арқалы халықтың дәрамат дерегин асырыӯ мақсетинде мекеме ҳәм шөлкемлерден (банк, салық, қаржы ҳәм басқа) мәҳәллелерге ӯакиллер бириктирилип, орынларда жумыслар шөлкемлестирилди.

Мәҳәллеге бириктирилген коммерциялық банклер ҳәмде бирге ислесиӯши шөлкемлер ҳәр бир мәҳәллени “Исбилермен” ретинде бахалап, оны раӯажландырыӯ бойынша “Бизнес реже” ислеп шықты.

Бунда ҳәр бир шаңарақ жан басына дәраматын айына 1 млн сўмнан асырыӯ тийкарғы мақсет етип алынды.

Сектор аймағындағы 4109 тамарқасы бар шаңарақлар болып, соннан 3793 шаңарақ 742 гектар тамарқа майданына егинлер егилди. Соннан 1,14 гектарға парник, 87,4 гектарға бағ, 32,4 гектарға жүзим, 251,2 гектарға овощ, 111 гектарға палыз, 20,2 гектарға собықлы егинлер, 24,5 гектарға майлы егинлер, 214,4 гектарға дәнли егинлер егилди.

Ҳәр бир мәҳәллеге бириктирилген банклер ҳәм ҳәким жәрдемшилери тәрепинен “Ҳәр бир шаӊарақ исбилермен” дәстүри тийкарында шараўашылық, тигиўшилик ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында өзин-өзи бәнт етиў ушын жәми 2 млрд 447 млн сӯмлық жеӊиллетилген кредитлер ажыратылды.

Ҳәзирғи ӯақытта сектор аймағында 290 шаңарақ қусшылық,                         20 шаңарақ пал харрешилик, 213 шаңарақ шарӯашылық, 104 шаңарақ өнерментшилик, 40 шаңарақ ислеп шығарыӯ менен шуғылланып соннан  5 шаңарақ нан өнимлери, 11 кондитер оңимлерин ислеп шығарыӯ,                     3 шаңарақ мебель ислеп шығарыӯ ҳәм 21 шаңарақ басқа түрдеги хызмет көрсетиӯ менен шуғылланып келмекте. Үй шараятында сектор аймағынан 355 үлгили шаңарақ өзин-өзи бәнт етип жақсы нәтийжеге ерисип келмекте.

Усы жылдың январ-май айларында сектор аймағында 780 жумыс орынларын жаратыў реже қылынған болса, әмелде 564 жумыссыз пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Атап айтқанда :

– Мəмлекетлик мəкемелерге орналастырылғанлар саны – 23 ти

– Жеке меншик кəрханаларға орналастырылғанлар саны – 74 ти

– Үй шәраятында өзин-өзи бəнт етиўшилер саны – 467 қурайды

 

Сектор аймағындағы мәҳәллелерде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын асырыў бойынша “Сайхунобод” тәжрийбеси тийкарында халықтыӊ дәрамат дерегин асырыў бағдарында белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде мәҳәллелердеги “жетилик” ҳәм бириктирилген банклер менен бирге тийисли илажлар алып барылмақта.

Сектор аймағында жумыссыз пуқаралардыӊ бантлигин тәмийнлеў мақсетинде аймақларға бириктирилген мәҳәллелердеги “жетилик”  пенен биргеликте Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл                           24-сентябрь күнги ПҚ-306-санлы қарарына тийкар 14 исбилерменге                        1 млрд 398 млн. сўм кредит қаржылары ажратылды.

– Бизнесге биринши қадем дәстүри шеңберинде 52 пуқара өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға 551 млн.сўм;

– Шаңарақ исбилерменликти раӯажландырыӯ дәстүри шеңберинде
216 пуқараға 2 млрд 447 млн. сўм жеңиллетилген кредит қаржылары ажратылды.

Ѳзбекстан Республикасы Перзидентиниӊ 2024-жыл 05-апрель күнги                        ПҚ-153 санлы қарарына тийкар сектор аймағында жасаўшы жаслардыӊ турақлы бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бос турған 118 гектар жер майданлары 140 жасқа e-auksion.uz электрон саўда платформасы арқалы ажыратып берилди.

Сектор аймағынан сыртқы мийнет миграцияда жүрген пуқараларды қоллап-қуўатлаў бойынша ишки ислер бөлиминде штаб дузилди. Ҳәзирги күнде сырт елде ўақтынша мийнет искерлигин әмелге асырыў ушын жыл басынан шығып кеткен пуқаралар сектор бойынша 1237 ти курайды. Сырт елге шығып кеткенлер бойынша Қазақстан Республикасы шығып кеткенлер саны – 1138, Россия Федерациясына – 70, басқа мәмлекетлерге шығып кеткенлер саны – 29 қурайды. Ҳәзирги ӯақытта сырт елден қайтып келгенлер шахслар менен жасаӯ мәнзиллерине барылып профилактикалық сәӯбетлесиӯ жумыслары алып барылып 67 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Алдағы ӯақытларда сектор аймагында “Сайхунобод тәжирийбеси” мысалында тамарқа ҳәм үй хожалықлары имканиятларын толық иске салыӯ арқалы, халықтың дәрамат дерегин асырыӯда жумысларды дурыс жолға қойып ҳәм берилген тапсырмаларды сөзсиз орынланыӯын өз қадағалаӯыма алыӯымды билдиремен.

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content