Нөкис қаласында жайласқан зәўлим имаратта Мәденият ҳəм көркем өнер хызметкерлериниң үш әўлады дийдарласты.
Өткерилген ушырасыў кешесинде дәслеп узақ жыллар даўамында елимиз ҳәм халқымыз ушын пидайы мийнет еткен нураныйлар қатар дизилген жаслар тәрепинен сән-салтанат пенен ҳүрмет-иззет көрсетилип күтип алынды.
Өз нәўбетинде нураныйлар жаслар менен ушырасып, олардың йошланып жырлап атырған қосықлары, атқарған намаларынан толқынланып, өзлериниң жаслық шағларын еследи.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов шығып сөйлеп, елимиздиӊ раўажланыўына мүнәсип үлесин қосып киятырған бир топар ветеранлар ҳәм тараў ўәкиллериниӊ үлгили ислерин айрықша тилге алды.
Ушырасыўда республикамыздың барлық район ҳәм қалаларынан келген узақ жыллар даўамында хызмет көрсеткен мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери болған кекселер, ветеранлар, студент жаслар қатнасты.
Өткерилген ушырасыўда халқымыздың мәденияты ҳәм көркем-өнер тараўы раўажланыўында өзиниң салмақлы үлесин қосқан марҳум тараў дарғалары, устаз қосықшылар, атақлы артистлер, тараўдың белгили ўәкиллери яд етилди.
Жасы үлкен әўлад ўәкиллери жаслар менен пикир алысып, жаслық күш-ғайратын қайта сезингендей болды десек алжаспаған боламыз. Нураныйлардыӊ үгит-нәсиятлары жасларды жақсы инсан болып жетилисиўине, ҳәр дайым жақсылық ислеўге, тереӊ билим алыўға, мәдениятымыз ҳәм көркем-өнеримиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўға бағдарлайды.