Шымбай районы 4-сектор аймағында 2024-жылдың I шереги даўамында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кем тәмийинленген шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў, үйинен узақ мүддетке шығып кеткен пуқаралар менен ислесиў ҳәм “Сайхунобод тәжрийбеси”н енгизиў, “мәҳәлле жетилиги”ниң жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша әмелге асырылған жумыслар хаққында

Шымбай районы 4-сектор аймағында 2024-жылдың I шереги даўамында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кем тәмийинленген шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў, үйинен узақ мүддетке шығып кеткен пуқаралар менен ислесиў ҳәм “Сайхунобод тәжрийбеси”н енгизиў, “мәҳәлле жетилиги”ниң жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша әмелге асырылған жумыслар хаққында

21.05.2024 19:36:50 295 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2019-жыл 08-январь күнги «Аймақларды комплекс социал-экономикалық раӯажландырыӯ бойынша секторлар жумысларын жәнеде жеделлестириӯге бағдарланған қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4102-санлы қарарына тийкар 4-секторға бириктирилген “Абат макан”, “Дослық”, “Шахтемир”, “Жипек жолы”, “Бердах”, “Оржап” ҳәм “Қамыс-арық” пуқаралар жыйынларында                      7551 шаӊарақта 33746 халық жасайды.

“Сайхунобод, тәжирийбеси” мысалында тамарқа ҳәм үй хожалықлары имканиятларын толық иске салыӯ арқалы халықтың дәрамат дерегин асырыӯ мақсетинде мекеме ҳәм шөлкемлерден (банк, салық, қаржы ҳәм басқа) мәҳәллелерге ӯакиллер бириктирилип, орынларда жумыслар шөлкемлестирилди.

Мәҳәллеге бириктирилген коммерциялық банклер ҳәмде бирге ислесиӯши шөлкемлер ҳәр бир мәҳәллени “Исбилермен” ретинде бахалап, оны раӯажландырыӯ бойынша “Бизнес реже” ислеп шықты.

Бунда ҳәр бир шаңарақ жан басына дәраматын айына 1 млн сўмнан асырыӯ тийкарғы мақсет етип алынды.

Сектор аймағындағы 5526 тамарқасы бар шаңарақлар болып, соннан 5212 шаңарақ 614 гектар тамарқа майданына егинлер егилди. Соннан  0,26 сотих парник, 143,6 гектарға бағ, 35,6 гектарға жүзим, 275,5 гектарға овощ, 61,3 гектарға палыз, 4,2 гектарға собықлы егинлер, 6,3 гектарға майлы егинлер, 91,5 гектарға дәнли егинлер егилди.

Ҳәр бир мәҳәллеге бириктирилген банклер ҳәм ҳәким жәрдемшилери тәрепинен “Ҳәр бир шаӊарақ исбилермен” дәстүри тийкарында шараўашылық, тигиўшилик ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында өзин-өзи бәнт етиў ушын жәми 3 млрд 296 млн сӯмлық жеӊиллетилген кредитлер ажыратылды.

Ҳәзирғи ӯақытта сектор аймағында 472 шаңарақ қусшылық,                         16 шаңарақ пал харрешилик, 320 шаңарақ шарӯашылық, 81 шаңарақ өнерментшилик, 100 шаңарақ ислеп шығарыӯ менен шуғылланып соннан  12 шаңарақ нан өнимлери, 32 шаңарақ кондитер оңимлерин ислеп шығарыӯ, 2 шаңарақ кир сабын ислеп шығарыӯ, 4 шаңарақ мебель ислеп шығарыӯ ҳәм 50 шаңарақ басқа түрдеги хызмет көрсетиӯ менен шуғылланып келмекте. Үй шараятында сектор аймағынан 526 үлгили шаңарақ өзин-өзи бәнт етип жақсы нәтийжеге ерисип келмекте.

Усы жылдың январ-май айларында сектор аймағында 1040 жумыс орынларын жаратыў реже қылынған болса, әмелде 765 жумыссыз пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Атап айтқанда :

– Мəмлекетлик мəкемелерге орналастырылғанлар саны – 31 ти

– Жеке меншик кəрханаларға орналастырылғанлар саны – 137 ти

– Үй шәраятында өзин-өзи бəнт етиўшилер саны – 597 қурайды

 

Сектор аймағындағы мәҳәллелерде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын асырыў бойынша “Сайхунобод” тәжрийбеси тийкарында халықтыӊ дәрамат дерегин асырыў бағдарында белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде мәҳәллелердеги “жетилик” ҳәм бириктирилген банклер менен бирге тийисли илажлар алып барылмақта.

Сектор аймағында жумыссыз пуқаралардыӊ бантлигин тәмийнлеў мақсетинде аймақларға бириктирилген мәҳәллелердеги “жетилик”  пенен биргеликте Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл                           24-сентябрь күнги ПҚ-306-санлы қарарына тийкар 42 исбилерменге                        4 млрд 97 млн. сўм кредит қаржылары ажратылды.

– Бизнесге биринши қадем дәстүри шеңберинде 84 пуқара өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға 747 млн.сўм;

– Шаңарақ исбилерменликти раӯажландырыӯ дәстүри шеңберинде
294 пуқараға 3 млрд 296 млн. сўм жеңиллетилген кредит қаржылары ажратылды.

Ѳзбекстан Республикасы Перзидентиниӊ 2024-жыл 05-апрель күнги                        ПҚ-153 санлы қарарына тийкар сектор аймағында жасаўшы жаслардыӊ турақлы бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бос турған 16 гектар жер майданлары 17 жасқа e-auksion.uz электрон саўда платформасы арқалы ажыратып берилди.

Сектор аймағынан сыртқы мийнет миграцияда жүрген пуқараларды қоллап-қуўатлаў бойынша ҳәзирги күнде сырт елде ўақтынша мийнет искерлигин әмелге асырыў ушын жыл басынан 4-сектор аймағынан шығып кеткен пуқаралар 1708 ти курайды. Сырт елге шығып кеткенлер бойынша Қазақстан Республикасы шығып кеткенлер саны – 1597, Россия Федерациясына – 105, басқа мәмлекетлерге шығып кеткенлер саны – 6 қурайды. Ҳәзирги ӯақытта сырт елден қайтып келгенлер шахслар менен жасаӯ мәнзиллерине барылып профилактикалық сәӯбетлесиӯ жумыслары алып барылып 70 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Алдағы ӯақытларда сектор аймагында “Сайхунобод тәжирийбеси” мысалында тамарқа ҳәм үй хожалықлары имканиятларын толық иске салыӯ арқалы, халықтың дәрамат дерегин асырыӯда жумысларды дурыс жолға қойып ҳәм берилген тапсырмаларды сөзсиз орынланыӯын өз қадағалаӯыма алыӯымды билдиремен.

 

Пайдалы ресурслар