Шымбай районы 2-сектор аймағында 2023-жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм де 2024-жыл алып барылатуғын ӯазыйпалар ҳаққында
Ассалаўма алейкум, Ҳүрметли жыйналыс қатнасыўшылары!
Бүгинги күнде сектор аймағы 2 аӯыл пуқаралар жыйыны ҳәм 4 мәкан пуқаралар жыйынларынан ибарат болып, бул мәҳәллелерде 7 434 хожалық, 8115 шаңарақларда 35 мыңнан аслам халық жасап келмекте.
Сектор аймағының өсиӯ точкасы (драйвери) дийханшылық, санаат ҳәм хызмет көрсетиў болып есапланады.
Ҳүрметли жыйналыс қатнасыўшылары!
Соңғы жылларда мәмлекетимизде аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раӯажландырыӯ халықтың жасаӯ шараятларын, турмыс дәрежесин түптен жақсылаӯ мақсетинде сезилерли дәреже өзгерислер әмелге асырылмақта.
МӘҲӘЛЛЕБАЙ ЖУМЫСЛАР БОЙЫНША
Сектор аймағының өсиў драйвери белгиленип алынған болып, бунда:
-“Гүлистан” мәҳәллеси хызмет көрсетиў
-“Көнши” мәҳәллеси санаат ҳәм хызмет көсетиў
-“Қаракөл” мәҳәллеси хызмет көрсетиў
-“Темир жол гүзары” мәҳәллеси хызмет көрсетиў, паррандашылық (қусшылық), санаат
-“Тағжап” АПЖ шарўашылық, ыссыхана, дийханшылық
-“Тазғара” дийханшылық, шарўашылық ҳәм санаат болып есапланады.
Пуқаралардың машқала ҳәм усынысларын үйме-үй барып үйренип, асырылып атырған мәмлекетлик сиясат ҳәм реформалардың мазмун-мәнисин түсиндирип, анықланған машқалаларды орнында шешиў, сондай-ақ мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў илажлары көрилмекте.
Секторда ҳәр бир ҳәким жәрдемшисине жумыс алып барыўы ушын барлық қолайлы шәраятлар жаратылған. Атап айтқанда ҳәким жәрдемшилери тәрепинен үйме-үй жүрип сораўнама тийкарында жәми 6 мәҳәлледе 7 434 хожалық хатлаўдан өткерилди ҳәм 4 категорияға ажыратып алынды.
Сектор аймағында “Мәҳаллебай” үйрениўлер даўамында
210 пуқараның (соннан жәмийетлик жумысларға 47, турақлы жумысларға 121, өзин-өзи бәнт еткенлер 416) бәнтлиги тәмийинленди, 41 пуқара кәсип-өнерге оқытылды,
қусшылық, шарўашылық ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары бойынша 217 пуқараға 2 млрд 210 млн.сўм муғдарында жеңиллетилген кредитлер ҳәм 58 пуқараға 529 млн 700 мың сўм муғдарында субсидия (53 пуқараға әспаб-үскенелер бойынша, 1 пуқара суў насос алыў бойынша, 2 пуқара устаз-шәкирт бағдары бойынша,
2 пуқараға исбилерменлик субъектин мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын ажы төлеми ушын) лар ажыратылыўына ерисилди.
Берилген әмелий жәрдемлер нәтийжесинде аймақта жаңадан 182 исбилерменлик (соннан 169 жеке тәртиптеги,
13 юридикалық) субъектлери шөлкемлестирилди.
САЙХУНОБОД ТӘЖРИЙБЕСИ БОЙЫНША
Президентимиз тәрепинен айтып өтилген ҳәм елимиз бойлап ен жайдырылыўы зәрүр болған “Сайхунобод” тәжирийбеси бул тамарқа жерден жәнеде нәтийжели пайдаланыў, дийханлар ушын базар табыўға көмеклесиў, исбилерменлерди сапалы туқымлық ҳәм дәрилик өнимлери менен тәмийинлеў, исбилерменлердиң өнимлерин экспорт етиўине әмелий жәрдем бериў ҳәм жер мүнәсебетлерин қәлиплестириў сыяқлы зәрүрли реформаларды өз ишине алады.
Сектор аймағында бул тәжрийбени әмелге асырыў ҳәм кеңнен енгизиў бағдарында алып барылған жумысларды айтып өтетуғын болсақ, аймақта 6 573 шаңарақтың 480 га тамарқа жер майданы бар болып, соннан 5 778 шаңарақ 448 га тамарқасына ҳәр түрли егинлер егип, күнделикли дәрамат дерегине айландырған.
Аймағымызда “Сайхунобод” тәжрийбеси тийкарында үйрениўлер алып барылды ҳәм биогумус өними ҳаққында кеңнен түсиндириў жумыслары алып барылды.
Үйрениўлер даўамында тамарқасында алдыннан биогумус жетистирип киятырған 30 шаңарақ анықланды.
Ҳәзирги күнде “Сайхунобод” тәжрийбеси тийкарында ҳәр бир шаңараққа биогумус өними тарқатылып берилди ҳәм буның нәтийжесинде биогумус жетистириўди жаңадан жолға қойған шаңарақлар 265 ти қурады ҳәм 2,65 га майданды өз ишине алады.
Аймақта қусшылық пенен әзелден шуғылланып киятырған 4305 шаңарақ бар болып, тәжрийбени ен жайдырыў арқалы бул шаңарақлар қатары және 289 ға көбейди.
Бул шаңарақлардың ҳәр бирине тәжрийбеге тийкар қусшылықты раўажландырыўы ушын ана таўықлар, шөжелер ҳәм от-жем өнимлери тарқатылды.
Буннан басқа да “Сайхунобод” тәжрийбесин ен жайдырыў мақсетинде ҳәр бир мәҳәлле жетилиги менен биргеликте үгит-нәсият жумыслары алып барылыўы нәтийжесинде 19 шаңарақ пал ҳәррешилик, 174 шаңарақ шарўашылықты жаңадан жол қойылыўына ерисилди.
Ҳүрметли Ҳүрметли жыйналыс қатнасыўшылары!
Халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын, ҳаял-қызларды ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптер” ҳәм “Жаслар дәптери” қәлиплестирилди.
Атап айтсақ;
ҲАЯЛЛАР ДӘПТЕРИ БОЙЫНША
Сектор аймағында жасаўшы халықтың 30 жастан жоқары болған ҳаял-қызлардың шаңарақлары анкета сораўнамалары тийкарында үйренилинип, 2-сектор аймағында жәми 941 ҳаяллар “Ҳаяллар дәптери”ниң 5-басқышына киритилди.
“Ҳаяллар дәптери”ниӊ 1-тайпа бойынша киритилген сектор аймағынан 558 ҳаял қыздан, 34 ис ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысқа, 2 ҳаял-қыз турақлы жумысқа жайластырылды. 76 ҳаял-қыз өзин-ɵзи бәнт етти. 80 ҳаял-қыз кәсип-өнерге оқытылды жәми 192 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди.
“Ҳаяллар дәптери” жамғармасы есабынан Бағыўшысы жоқ мүтәжлиги болған 17 ҳаял-қызға, социаллық жәрдемге мүтәж 1-2-топар майыплығы болған, есаплаў муғдарының 4 есеси муғдарында жәми 23 120 000 сўм муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем пуллары берилди.
Исбилерменлик пенен шуғыланыў нийетинде болған
28 ҳаял-қыздан, 20 ҳаял-қызға 67,5млн сўм муғдарында кредитлер ажыратылды.
5-басқыш 4 ай жуўмағына көре “Ҳаяллар дәптери”не киритилген 229 ҳаял-қызларға мүтәжлиги бойынша жәрдемлер кɵрсетилиўи тәмийинленди.
Соннан 2-сектор “Темир жол гузары” МПЖ аймағынан Г.Орақбаева хызмет көрсетиў бойынша 20 млн.сўм, “Көнши” МПЖ аймағынан К.Кишибаева пәзенделик бойынша 15 млн.сўм, Т.Қоңыратбаева қусшылық бойынша 5 млн.сўм ҳәм де З.Қулимбетова қусшылық бойынша, “Гүлистан” МПЖ аймағынан Жолдасова Жазира 18 млн.сўм пәзендешилик тараўында, Қалмурзаева Гүлайхан қусшылықты раўажландырыўды жолға қойыўы ушын 5 млн.сўм жеӊиллетилген кредитлер алыўында әмелий жәрдемлер көрсетилди.
ЖАСЛАР ДӘПТЕРИ БОЙЫНША
Мәҳәллелерде жетекшилер жумыс алып барыўы ушын барлық шараятлар жаратылған болып, “Жаслар порталы” электрон платформаларға жалғанған, аралықтан турып есабатлар усыныс етиў ҳәм де видеоконференция-байланыс формасында жыйналысларда қатнасыў имканиятын беретуғын планшет телефонлары менен тәмийинленген.
Секторда 18-30 жастағы жаслар арасынан 113 жас “Жаслар дәптери” дизимине киритилип әмелий жәрдемлер көрсетилип келинбекте.
Соннан, 35 жастың бәнтлиги тәмийинлениўге ерисилди, мийнет қуралларын алыў ушын 6 жасқа 39 млн 610 мың сум муғдарында субсидия қәрежетлери, 12 жастың 18 млн.сум муғдарында жоқары оқыў орнының төлемли контракт шәртнама қарежетлери төлеп берилди, 2 жасқа емлениў ҳәм медициналық хызмет көрсетиў ушын 2 млн 720 мың сум, 109 жасқа 1 млрд 806 млн 414 мың сўм муғдарында жеңиллетилген кредитлер, 3 жастың илм-пән, спорт ҳәм мәденият бағдарында 4 млн 700 мың сум муғдарында оқыў қәрежетлери, 3 жасқа 4 млн 800 мың сум кәсип-өнерге оқытыў курслары қәрежетлери, 2 жастың туризм объектлерине саяхат етиўи ушын 680 мың сум қәрежетлери, муғдарында төлеми төлеп берилиўи тәмийинленди.
Бүгинги күнде турақлы ҳәм жәмийетшилик жумысларға, жеӊиллетилген кредитлер, өзин-өзи бәнт етиў ушын субсидиялар ажыратыў, сондай-ақ, социаллық қоллап-қуўатлаў арқалы жаслар дәптеринен 55 шығарылды.
Ҳәзирги күнде дәптерде 58 жас қалып, бул жасларғада тийисли тәртипте жәрдемлер көрсетилиўи даўам етпекте.
Шымбай район прокуроры, 2-сектор баслығына аталыққа бириктирилген жаслар менен әмелге
асырылған жумыслар ҳаққында
Шымбай район прокуроры Р.Т. Халмуратовқа “Қаракөл” МПЖ, “Темир жол гүүзари” МПЖ ҳәм “Көнши” МПЖда жасаўшы 7 тайпаға тийисли 1641 жаслар бириктирилген болып, олар менен индивидуал ушырасыў, олар менен сәўбетлер өткериў, мәселелерин сапластырыў ўазыйпалары жүклетилген.
Аймақтағы мәҳеллелерде өткерилген хатлаў нәтийжелери бойынша толдырылған анкета мағлыўматлары менен танысқан ҳалда, 7 тайпаға киретуғын жаслардың дизими ҳәр бир мәҳәлле кесиминде қәлиплестирилген.
Сектор басшысы тәрепинен “Аўыр тайпа”ға тийисли 15 жастың шаңарақларына барып, олар менен индивидуал тәризде ушырасып, сәўбетлесиўлер өткерди. Соннан 6 жас өз усыныс, пикирлерин билдирди ҳәм мәселелерин сапластырыў бойынша унамлы жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, Генжемуратов Атабек айдаўшылық гүўалығын алыўы ушын “Жаслар дәптери” дизимине киритилди, Қудайбергенова Еркемай “Мая торт” жеке исбилерменлик субъектине жумысқа жайластырылды, Мақсетбаев Караматдин үй шараятында қусшылық менен шуғылланыўы ушын 5 млн.сум муғдарында жеңиллетилген кредит ажратылыўында көмеклесилди ҳәм Садатдинов Имаматдин бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетилди.
“Жынаятшылыққа мейил” тайпасына 10 жас киритилген болып, соннан 3 жас, атап айтқанда Меңлибаев Арепбай үй шараятында қусшылық менен шуғылланыўы ушын 5 млн.сум муғдарында жеңиллетилген кредит ажыратылды, Жанназаров Азизбек Ташкент қаласында турақлы күнлик жумыслар менен бәнт, Шамамбетов Нурсултан Нөкис қаласындағы “НЕТ” АЖ филиалында ШХК ҳәм ЕТР монтёр лаўазымында ислейди.
Казақстан Республикасына ислеў мақсетинде кеткен 7 жас пенен ZOOM платформасы арқалы онлайн байланысыў шөлкемлестирилип, олардың ден-саўлығы, ислеў шараятлары, қандайда бир усыныс ҳәм мәселелери пайда болса туўрыдан-туўры сектор басшысына байланысыўы ушын телеграм группа дүзилди.
Сектор баслығы “Жумыссыз жаслар” тайпасына кириўши 121 жас пенен ҳәр ҳәпте ушырасыўлар шөлкемлестирилип келинбекте.
Сәўбетлесиў тәризинде өткерилген ушырасыўларда райондағы бәрше банк басшылары, қурылыс шөлкемлери, тәлим, мийнет, медицина, аўыл хожалығы тараўы жуўапкерлери қатнасып, олар ҳәзирде жасларымызға өз исбилерменлигин баслаўы ушын жеңиллетилген банк кредитлери, бос жумыс орынларын, “Мономарказ” оқыў орайында жаратылған шәрт-шәраятлар, жер ажыратыў мәселелери ҳәм басқада әҳмийетли болған ҳуқыкый түсиник ҳәм мәслаҳәтлерин айтып өтти.
Соның менен бирге, жыйналысқа қатнасқан районда быйылғы жылда Инвестиция дәстүри тийкарында жаңадан қурылыс оңлаў жумысларын әмелге асырып атырған “Гидромонтаж строй” ҳәм “Нөкис дренаж реконструкция” ЖШЖ басшылары сөзге шығып, жасларға ҳәзирде өзлеринде жаратылған шәрт-шәраятларды айтып, исенимли жумыс орынлары ҳаққында мағлыўматлар берди.
Ушырасыў жуўмағына көре, 10 жастың бәнтлиги тәмийинленди, 13 жас “Мономарказ” оқыў орайына оқыўға қабылланды ҳәм 7 жасқа жеңиллетилген кредитлер ажратылыўында әмелий жәрдемлер берилди.
Буннан басқада 29 жасқа “Тазғара” ҳәм “Тағжап” АПЖ аймағындағы 47,3га өнимдарлы жер майданлары дийқаншылық пенен шуғылланыўлары мақсетинде ажыратылып берилди.
“Миграциядағы жаслар” тайпасына 82 жас киритилген болып, олар менен 4 мәрте ZOOM платформасы арқалы онлайн байланысыў шөлкемлестирилди.
Бундай иләжден мақсет жаслардың ҳәзирги күндеги қандай жағдайда екенлиги, ден-саўлықлары, ислеп атырған жумыс орнындағы шәрт-шәраятлар менен жақыннан танысыў, қандай жумыслар менен бәнт екенликлери, олардың усыныс ҳәм пикирлерин анықлаў баслы мақсет болып есапланады.
Сәўбетлесиў даўамында жаслар тәрепинен билдирилген машқалалары, пикир ҳәм усыныслары тыңланып, 8 жасқа шаңарағына қайтып келгеннен соң, өз исбилерменлигин баслаўына әмелий жәрдемлер берилиўи түсиндирилди.
Жәнеде “Мектеп оқыўшылары” тайпасындағы 607 жас дизимге алынған болып, бул жаслар менен район прокуроры тастыйықлаған ҳәптелик ис режесине тийкар ушырасыўлар өткерилип келинбекте.
Бул ушырасыўлар даўамында 16 жас жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўи ушын оқыў таярлық курсларына қамтылды, мектеп оқыўшылар арасында “Шахмат-шашка”, “Билим ринг”, тарыйх-ҳуқықтаныў пәнинен “Пән олимпиада”сы ҳәм басқа мәдений иләжлер шөлкемлестирилди.
“ПТМ оқыўшылары” тайпасына кириўши 156 жаслар менен сәўбетлесиў тийкарында өткерилген ушырасыўларда 13 усыныс ҳәм мәселелери тыңланды.
Бул мәселелер тийисли тәртипте көрип шығылып, 1 жасқа субсидия есабынан соңғы маркадағы заманагөй тигиў машинасы менен тәмийинленди ҳәм 9 жас “Мономарказ” оқыў орайына кәсип-өнерге қайта таярлаў курсларына қамтыў мақсетинде хат шығарылды.
“ОТМ студентлери” тайпасындағы 650 жастың тәлим алыў процесслери, әмелдеги мәселелерин үйрениў ҳәм шешиў илажлары көриў мақсетинде ушырасыўда студентлер тәрепинен спорт ҳәм мәдений илажлар өткерилиўин сорап, өз усынысларын билдирди.
Сол тийкарда, район прокуроры Р.Т.Халмуратов басламасы менен жоқары оқыў орнындағы студент жаслар арасында “Заковат” интелектуал ойыны ҳәм спорттың “Футбол”, “Волейбол” түрлери бойынша спорт жарыслары болып өтти ҳәм оған 120 дан аслам студент жаслар қамтып алынды.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Ш. Отемисов қатнасып, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде бул барада әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар, оларға жаратылған шараят ҳәм имканиятлар бойынша кеңнен түсиниклер берип өтти ҳәм оларды бүгинги жеңиси менен қутлықлады.
Жарыс жуўмағына көре, жеңимпазларға сектор баслығы тәрепинен таярланған қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.
ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛҒАН МӘДЕНИЙ ҲӘМ
СПОРТ ИЛАЖЛАРЫ
Республика прокуроры тәрепинен өткерилген аудиоселектор жыйналысында берилген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде, сектор штабында “Аўыр тайпа” ҳәм “Жынаятшылыққа мейил” тайпасына кириўши жаслар менен ушырасыў болып өтти ҳәм саламат турмыс тәризине әмел етиўлери мақсетинде олар ушын тереңлестирилген медициналық көрик өткерилди.
Ушырасыў даўамында, район прокуроры жаслар билимин асырыў, дүньяға қарасын кеңейтиў, руўхый кәмалға жетисиўи, ақлый тәрептен жетик инсан болыўы ҳәм китап қумарлыққа болған қызығыўшылығын асырыў мақсетинде 25 жасқа әдебий китаплар топламын саўға етти.
Район прокуроры жаслар менен ушырасыўда бүгинги күнде китап пенен досласыў, халқымыз әдебияты ҳәм мәдениятын терең үйрениў оғада зәрүрли екенлигин айтып өтти.
Жаслардың мәселелерин үйрениў ушын сораўнама өткерилди ҳәм олардың қызығыўшылықлары, мәселелери тыңланди.
Соннан кейин, тереңлестирилген медициналық көрик өткерилип, педиатр, терапевт, хирург, кардиолог, невропотолог, окулист ҳәм дерматовенерелог қәнийгелеринен ибарат маман шыпакерлер тәрепинен алып барылды.
Медициналық көрикте 25 жас қатнасып, олардан 2 жастың лабораторияда қан анализи тапсырыўы кереклиги ҳәм 1 жастың көриў қәбилети төменлиги себеп, керекли усыныслар ҳәм әмелий жәрдемлер берилди.
Буннан тысқары сектор баслығы басламасы менен 14-30 жас аралығындағы жәмлеспеген жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў бойынша ҳәр түрли спорт ҳәм басқада мәдений иләжлер өткерилмекте.
Атап айтқанда, спорттың “Футбол”, “Шахмат-шашка”, “Кибер спорт”, “Баскетбол”, “Волейбол” ҳәм “Стол теннис” түрлери бойынша прокурор кубогы ҳәм прокурор бириншилиги ушын “Билим ринг”, “Заковат” интелектуал ойынлары, тарыйх ҳәм ҳуқықтаныў пәнинен “Пән олимпиадасы” өткерилди.
Бул болып өткен прокурор кубогы жарысларында жеңимпаз болған жасларға прокурор тәрепинен диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
ТЕМИР ДӘПТЕР БОЙЫНША
Сектор аймағында “Темир дәптер”ге 16 шаңарақ ҳәм социаллық қорғаўға мүтәжлиги болған 14 шаңарақларға “Қурбан ҳайт” мүнәсебети менен 7 түрдеги азық-аўқатлық өнимлер тарқатылды.
Буннан басқа ыссыханалар қурып бериў, қара мал, қой-ешкилер, тигиў машинасы, парранда ҳәм пал ҳәрре қутыларын тарқатыў арқалы ҳәм түрли тараўларда ислеп дәрамат дәрегин жаратып атырған шаңарақларды рәсмий бәнт қылыў арқалы олардың бәнтлиги тәмийинленип, материаллық жәрдемлер көрсетилиўи даўам етпекте.
КӨШПЕЛИ ҚАБЫЛЛАЎЛАР ҲАҚҚЫНДА
Сектор баслығы тәрепинен тийкарынан район орайына алыс аймақларда тийисли тараў қәнигелери менен биргеликте көшпели қабыллаўлар өткерип келинбекте.
Усы жылдың 03-январь сәнесинен 15-апрель сәнеси аралығында реже тийкарында өткерилиўи тийис болған
26 ушырасыў толығы менен шөлкемлестирилди.
Қабыллаўларда келип түскен мүрәжатлар саны 124 ти қурайды. Келип түскен мүрәжатлер белгиленген тәртипте үйренилип, соннан 75 мәселе унамлы шешимин тапқан болса, ҳуқықый түсиниклер бериў арқалы 44 мәселе өз шешимин тапты. Қалған 5 мәселе үйрениў жәраянында болып, оларды да нәтийжели шешиў иләжлери көрилип атыр.
Атап айтатуғын болсақ, “Гүлистан” МПЖ аймақ турғыны С.Қыясованың билдирген мәселеси бойынша, исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын имтиязлы кредит алыўға көмеклесилди.
“Темир жол гузары” мәҳәллесиниң Темир жол гузары көшеси турғыны Н.Абдикаликовтың билдирген мәселеси бойынша жасаў аймағына қум-щебень араласпасы жатқызылды.
“Темир жол гузары” мәҳәллесиниң Т.Жәлекеев көшеси турғыны М.Ешимовтың билдирген мәселеси бойынша турақлы жумысқа жайластырылды.
“Темир жол гузары” мәҳәллесиниң Т.Сайымбетов көшеси турғыны О.Ҳакимовтың билдирген мәселеси бойынша көшесине түнги жақтыландырыў шырақлары орнатылды.
Буннан басқада “Көнши” мәҳәллесиниң Көнши көшеси турғыны А.Жамаловтың шәртнама пулларын төлеўге материаллық жақтан жәрдем берилди.
“Көнши” мәҳәллесиниң “Сары алтын”, “Көнши” көшеси турғынлары Г.Хөжекеева ҳәм Б.Талмуратовалардың билдирген мәселеси бойынша тигиў машинасы алып берилип өзин-өзи бәнт етиўге ерисилди.
Сондай-ақ унамлы шешилиўинде ўақыт ететуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, орынланыўы барысында жумыслар еледе даўам етпекте.
Аймақта жынаятшылықтың алдын алыў бойынша
Және бир әҳмийетли мәселелердиң бири бул жынаятшылықтың алдын алыў, нызам үстинлигин тәмийинлеў бойынша унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Сектор аймағында 2024-жылдың 4 айы даўамында мәҳәллелер кесиминде алып қарайтуғын болсақ, Қаракөл МПЖ аймағында 1 жынаят, “Тағжап” АПЖ аймағында 2 жынаят ҳәм “Тазғара” АПЖ аймағында 1 жынаят болып, жәми 4 жынаят жүз берген.
Жынаятшылықты болдырмаў ушын ең алды менен жынаят объекти болыўы мүмкин болған социаллық мүнәсебеттиң алдын алыўымыз ҳәм жынаятты сәдир етиўи мүкин болған шахсты қандай да пайдалы мийнет пенен бәнт етиўимиз зәрүр. Мәҳәллелерде жынаятшылықты болдырмаў мақсетинде мәҳәлле ақсақаллары, ҳәким жәрдемшилери, Жаслар жетекшилери ҳәм профилактика инспекторлары менен биргеликте жумыслар алып барылмақта.