Ҳаял-қызларға 7 жылға процентсиз тәлим кредити бериледи

Ҳаял-қызларға 7 жылға процентсиз тәлим кредити бериледи

28.04.2023 10:40:45 212 Баспаға шығарыў

Жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириўде билим алыўшы ҳаял-қызларға 7 жылға 14 проценттен кредит ажыратылады. Бунда процент ставкаларын Финанс министрлигиниң фонды қаплап береди. Ҳаял-қызлар болса, тийкарғы қарызды оқыўды жуўмақлағаннан соң 7 жыл даўамында төлейди.

“Жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде ҳаял-қызлардың билим алыўын қоллап-қуўатлаўға байланыслы ис-илажлар ҳаққында”ғы Президент қарарына (https://uza.uz/uz/posts/oliy-orta-maxsus-va-professional-talim-tashkilotlarida-xotin-qizlarning-talim-olishlarini-qollab-quvvatlashga-doir-chora-tadbirlar-togrisida_390943) тийкар 2022/2023-оқыў жылынан баслап барлық жеке меншик, сырт ел ҳәм мәмлекетлик жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде күндизги, сыртқы ҳәм кешки тәлим формасында ҳаял-қызлардың төлемли-контракт тийкарында оқыўы ушын жеңиллетилген шәртлерде тәлим кредитлерин мәмлекет бюджетинен ажыратыўдың жаңа системасы енгизиледи.

Коммерциялық банклер Финанс министрлиги тәрепинен жайластырылған депозит қаржылары есабынан тәлим кредитлерин 7 жыл мүддетке 14 процент ставкада ажыратады. Бунда кредиттиң пайыз ставкаларын сөндириў Финанс министрлиги жанындағы Тәлим кредитин қаржыландырыў фонды қаржылары есабынан, оларды коммерциялық банклерге төлеў арқалы әмелге асырылады.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content