Шымбай районы ҳәкими Тажетдинов Айбек Алтынбековичтиң 1-сектор тәрепинен “Сайхунабад тәжирийбеси” тийкарында “Мәҳәлле жетилиги” менен биргеликте әмелге асырылған жумыслар ҳаққында есабаты

Шымбай районы ҳәкими Тажетдинов Айбек Алтынбековичтиң 1-сектор тәрепинен “Сайхунабад тәжирийбеси” тийкарында “Мәҳәлле жетилиги” менен биргеликте әмелге асырылған жумыслар ҳаққында есабаты

21.05.2024 17:46:30 214 Баспаға шығарыў

Соңғы жыллар ишинде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында пүткил мәмлекетимиз қатарында Шымбай районын социал-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин буннан былайда жақсылаў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

 

Ҳүрметли депутатлар!

Рухсат берсеңиз, Шымбай районы аймағында халықтың бәнтлигин тәмийинлеӯ, кем тәмийинленген шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыӯ, узақ мүддетке шығып кеткен пуқаралар менен ислеӯ, “Сайхунабад тәжирийбеси” тийкарында “мәҳәлле жетилиги” тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳаққында есабат берсем.

 

Ҳүрметли сессия қатнасыӯшылары,

депутатлар!

 

Бәршеңизге мәлим, усы жылдың 14-январь күни Ҳүрметли Президентимиздиң Сырдәрья ўәлаятына хызмет сапары даўамында Сайхунабат районында болып, сол аймақтағы хожалықлардың қыйтақ (тамарқа) жерлери менен танысып, көзден өткерген еди. Мине, сол Сайхунабаттағы жолға қойылған жаңа тәжирийбени пүткил мәмлекетимиз бойлап әмелге асырыў тапсырмасы берилген еди.

 

“Сайхунабат тәжирийбеси”ниң мақсети – қыйтақ жерден және де нәтийжели ҳәм үнемли пайдаланыў, дийқанлар ушын базар табыўға көмеклесиў, исбилерменлерди сапалы туқым ҳәм тийисли төгинлер менен тәмийинлеў, социаллық дәраматы аз шаңарақлардың жағдайын жақсылаў, исбилерменлердиң экспортына әмелий жәрдем бериў, жер мүнәсибетлерин қәлиплестириў киби әҳмийетли реформаларды өз ишине алады.

Бул бойынша районымыздағы ҳәрбир мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте  «1 сотых қыйтақ жерден кеминде 1,5-2 миллион сўм дәрамат” деген принцип тийкарында  кәмбағал шаңарақлар менен “мәнзилли” ислесип, олардың жағдайын жақсылаў бойынша бизнес реже ислеп шығылып, халықтың дәраматын асырыў бойынша белгиленген режелерди орынлаўды мақсет етип қойғанбыз.

 

Ҳүрметли сессия қатнасыӯшылары!

депутатлар!

Мәҳәллелерге бириктирилген банк ҳәм ҳәким жәрдемшилери тәрепинен таңлап алынған район аймағында кем дәраматлы жәми 154 хожалықтың январ-апрель айларында 97 хожалыққа 1,2 млрд сўм кредит, бунда
6 дана ықшам теплица, 2 мың 500 дана  қусшылық, 50 дана шарўашылық ҳәм басқа да жөнелислер бойынша қаржылар ажыратылып, усының нәтийжесинде халқымыздың қосымша жоқары дәрамат табыўына ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлениўине имкан жаратылды.

Ҳүрметли сессия қатнасыӯшылары!

депутатлар

“Сайхунабат тәжирийбеси” бойынша 1-сектор аймағындағы 4 мәкан пуқаралар жыйынларына Халық банк Шымбай филиалы бириктирилген болып, мәҳәллелердеги қыйтақ жерлердиӊ имканиятлары, пуқаралардың киши бизнес пенен шуғылланыўы үйренилип шығылғанда, еле де пайдаланылмай атырған потенциалымыз бар екенлигин көрдик.

Сондай-ақ, “Сайхунабат тәжирийбеси” тийкарында
1-сектор аймағындағы шаңарақлардыӊ бәнтлигин тәмийинлеӯ, дәрамат дерегин асырыў бағдарында мәҳәллелердеги “жетилик” пенен биргеликте тийисли илажлар алып барылмақта.

Бүгинги күнде 1-сектор аймағында 20 мыңнан аслам халық аӯызбиршиликте жасап келмекте, бириктирилген банк ҳәм ҳәким жәрдемшилери тәрепинен үйрениў нәтийжесинде 28 кем дәраматлы хожалық таңлап алынып, оларға январь-апрель айларында  145 млн. сўм  жеңиллетилген кредитлер ажыратылды. Соннан, қусшылыққа 25 млн. сўм, тамарқа жеринен пайдаланған ҳалда шарӯашылыққа 40 млн. сўм ҳәм басқа да жөнелислерге 80 млн. сўм қаржы ажыратылды.

Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ “Киши бизнести раӯажландырыӯ финанс ҳәм институционал қоллап-қуӯатлаӯ ис-илажлары ҳаққында”ғы (24.09.2024-жыл. ПҚ-306-сан) қарары тийкарында сектор аймағында жумыссыз пуқаралардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында аймақларға бириктирилген мәҳәллелердеги жетилик  пенен биргеликте 10 исбилерменге 960 млн. сўм жеӊиллетилген кредит ажыратылды.

 

 

Соның менен бирге пуқаралардың қызығыўшылығы ҳәм имканиятынан келип шығып, “Бизнеске биринши қәдем” бағдарламасы тийкарында 52 өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға 619 млн. сўм ҳәм де “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында 238 физикалық ҳәм юридикалық шахсларға
2 млрд. 506 млн. сўм муғдарында жеңиллетилген кредитлер ажыратылды. Буннан басқа усы жыл басынан 47 жеке тəртиптеги исбилермен, 3 юридикалық субъектлери дизимнен өтип, өз жумысларын алып бармақта.

 

Ҳүрметли сессия қатнасыӯшылары!

депутатлар!

Мийнетке жарамлы жумыссыз пуқаралар арасында үгит-нәсият жумысларының алып барылыўы нәтийжесинде
524 пуқара ѳзин-ѳзи бәнт етиўине ерисилди.

Сондай-ақ, 1-сектор аймағындағы мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен жаңадан микрожойбарларды әмелге асырыў нәтийжесинде улыўма жойбар баҳасы
367 млн. сўм көлеминде (исбилерменлердиң өз қаржылары есабынан
84 млн. сўм, банк кредити есабынан 283 млн. сўмлық)
11 жойбар иске түсирилди.

Улыӯмаластырып айтқанда Ҳүрметли Президентимиздиң “Сайхунабат тәжирийбеси” тийкарында районымыздағы ҳәр бир хожалықларының қыйтақ (тамарқа) жерлеринен нәтийжели пайдаланыў, усы арқалы мол дәрамат табыўына имканиятлар жаратыў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеўде, бунда әлбетте, Сиз депутатлар да өз аймақларыңыздағы мәҳәллелерге барып, социаллық жағдайы төмен шаңарақлардың усы мәселелерин үйренип-шығып, машқалаларының унамлы шешилиўине өзлериңиздиң үлесиңизди қосасыз деген үмиттемен.

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content