Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 500 -санлы Қарарына тийкар Шымбай районында 2024-жылғы дәстүрге киритилген хәзирги күнде райондагы 4 мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм 9 аӯыл пуқаралар жыйынларында жәми 13 объектке бөлинип көшелерге қум – тас араласпасы (ЩПС) төселип, оңлаў ҳәм тегислеў жумыслары баслап жиберилди.
Атап айтқанда Кеңес аӯыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 9 көшеге
қум – тас араласпасы (ЩПС) төселип, оңлаў ҳәм тегислеў жумыслары алып барылмақта.
Бул өз гезегинде аймақ турғынларын қыйнап киятырған машқалалар өз шешимин таӯып, ҳәр бир көшеде бир қанша унамлы жумыслар әмелге асырылады.