Шымбай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм сектор баслықлар сондай-ақ аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны хызметкерлериниң қатнасында илаж болып өтти.
Илажда март айынан баслап районымыздағы абаданластырыӯ жумысларына әсиресе мәҳәлле аймағын жақсы абаданластырыӯға үлес қосқан районымыздағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны хызметкерлериниң бир қатары район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған баҳалы саӯғалар менен хошаметленди.