Алдын хабар бергенимиздей район ҳәкими А.Тажетдинов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бөлими хызметкери ҳәм Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими баслығы Ж.Жолдасбаев менен биргеликте питкериўши жаслар менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға барлық мектептен 11-класс оқыўшылары қатнасты. Ушырасыўдан тийкарғы мақсет питкериўшилердиң келешекте өз орнын табыўы, мәмлекетимизде жоқары оқыў орынларына кириўде жасларға жаратылған жеңилликлерден үнемли пайдаланыў, оларды белгили бир кәсипке бағдарлаў, жаслардың усыныс пикирлерин тыңлаў ҳәм оларға шешим табыў болып табылады. Ашық сәӯбетте мектеп питкериӯшилери өзлериниң усынысларын ҳәм алдағы ӯақытлардағы режелерин айтып еркин пикирлесиӯ менен даӯам етти.