Устазлардың уллы жолы издеги шәкиртлерге барқулла үлги аларлық мектеп болады

Устазлардың уллы жолы издеги шәкиртлерге барқулла үлги аларлық мектеп болады

19.04.2023 10:57:32 172 Баспаға шығарыў

Нөкис қаласында жайласқан зәўлим имаратта Мәденият ҳəм көркем өнер хызметкерлериниң үш әўлады дийдарласты.

Ушырасыў кешесинде дәслеп узақ жыллар даўамында елимиз ҳәм халқымыз ушын пидайы мийнет еткен нураныйлар қатар дизилген жаслар тәрепинен ҳүрмет-иззет көрсетилип күтип алынды. Өз нәўбетинде нураныйлар жаслар менен ушырасып, олардың йошланып жырлап атырған қосықлары, атқарған намаларынан толқынланып, өзлериниң жаслық шағларын еследи.

Дийдар несип ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов шығып сөйлеп, елимиздиӊ раўажланыўына мүнәсип үлесин қосып киятырған бир топар ветеранлар ҳәм тараў ўәкиллериниӊ үлгили ислерин айрықша тилге алды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм республикамыздың барлық район ҳәм қалаларынан келген узақ жыллар даўамында хызмет көрсеткен мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери болған кекселер, ветеранлар, студент жаслар қатнасты.

Өткерилген ушырасыўда халқымыздың мәденияты ҳәм көркем-өнер тараўы раўажланыўында өзиниң салмақлы үлесин қосқан марҳум тараў дарғалары, устаз қосықшылар, атақлы артистлер, тараўдың белгили ўәкиллери яд етилди.

Әлбетте, бундай илажлар жаслардыӊ ҳәр тәреплеме жетик инсан болып жетилисиўине, мийнет нураныйларыныӊ турмыс мектеби менен жақыннан таныс болыўына хызмет етеди.

Пайдалы ресурслар
Skip to content