Президентимиздиң басламасы менен ҳәр жылы Ораза айын мүнәсип белгилеўге айрықша итибар қаратылып, мүбәрек айда бир қатар жеңилликлер берилип келинбекте.
Быйылғы жылда усылар қатарында Ораза айында социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж, кем тәмийинленген ҳәм темир дәптерде есапта турған мәмлекетимиздиң 1400 пуқарасы мәмлекет есабынан Умра зияратына жиберилди.
Өз нәўбетинде зияратшылар муқәддес мәнзилде турып, халқымызға тынышлық, аўызбиршилик ҳәм жақсы тилеклер тилеп дуўада болды.
Соннан, Қарақалпақстан Республикасы бойынша ҳәр бир район ҳәм қаладан 6 адамнан 100 пуқараның Умра зияратына барыўы тәмийинленди. Бул да өз гезегинде муқәддес ҳәм айлардың султаны болған Ораза айында Президентимиз тәрепинен әмелге асырылған диний кеңпейилликти тәмийинлеў, пуқараларымыздың ҳүждән еркинлигин кепиллеў бағдарындағы ийгиликли әмеллердиң бири болды десек алжаспаған боламыз.