Халықтың мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятлары кеңейттириледи

Халықтың мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятлары кеңейттириледи

30.09.2021 18:35:37 | 113

“Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў инфраструктурасын жетилистириў ҳәм халықтың мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейттириў илажларı ҳаққында”ғы  Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманы қабыл етилди. Пәрманға көре, 2021-жыл 1-ноябрьден: -“Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри” мәлимлеме системасында дизимге алынған шахсларға, сондай-ақ I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға мәмлекетлик хıзметлер орайлары ҳәм (ямаса) Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўде […]

Ҳармаң Шымбайлы пидайы пахтакешлер !

30.09.2021 18:15:53 | 111

Быйылғы пахта жыйым-терим мәўсими дәўиринде халқымыз үйлесимлилик пенен қырманға жәрдем бермекте.Kegeyli Chimboy Agrocluster” ЖШЖти тәрепинен  районымыздағы атызларда терим мәӯсими  басланғаннан берли мийнет етип атырған теримшилерге баҳалы саӯғалар тапсырылды. Сондай –ақ районлық Мәденият бөлими хызметкерлериниң концерт бағдарламасы теримшилерге түслик ӯақтында инәм етилди.

Байрам қарсаңында

30.09.2021 17:51:39 | 198

«1-октябрь Муғаллимлер ҳәм устазлар күни»  байрамы, райондағы 44-санлы  мектебиниң залында болып өтти. Байрам салтанатына район ҳәкими, бир қатар тараў хызметкерлери, нураный муғаллимлер менен мектеп оқытыўшылары қатнасты.Сонай-ақ бир қатар алдыңғы тәжирийбели жоқары нәтийжелерге ерискен муғаллимлерге район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықлары менен баҳалы саўғалары тапсырылды.

Нураный устазларға ҳүрмет

30.09.2021 16:44:08 | 237

1-октябрь «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни»  күни байрамы мүнәсибети менен Шымбай районы Ишки ислер бөлими тәрепинен узақ жыллар даӯамында ишки ислер органларында хызмет етип, ҳүрмет пенен напқаға шыққан ветеранларының мәдений дем алыӯларын тәмийнлеӯ мақсетинде Шымбай районы Ишки ислер бөлиминде байрам илажы шөлкемлестирип, илаж даӯамында байрам саӯғалары тапсырылды. Илаж соңынан ветеранларға Шымбай районы аймағына саяхат шөлкемлестирилди.

Ўзбекистонда аҳолини ҳисобга олиш даври

30.09.2021 09:55:02 | 88

Ўзбекистон Республикаси Вазирлар Маҳкамасининг  2020 – йил 11- ноябрьдаги «Ўзбекистонда 2023 –  йилда аҳолини рўйхатга олишга тайёргарлик кўриш ва уни ўтказиш тартиби тўғрисида»ги  710 сонли қарорига асосан: 2021 йил 1 — 25 ноябрь кунлари Андижон вилоятининг Хўжаобод тумани, Тошкент вилоятининг Юқори Чирчиқ тумани, Хоразм вилоятининг Хива шаҳри ҳамда Тошкент шаҳрининг Яшнобод туманларида аҳолини синов тариқасида […]

Пайдалы ресурслар
Skip to content