Халықтың мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятлары кеңейттириледи

Халықтың мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятлары кеңейттириледи

30.09.2021 18:35:37 197 Баспаға шығарыў

“Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў инфраструктурасын жетилистириў ҳәм халықтың мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейттириў илажларı ҳаққында”ғы  Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманы қабыл етилди. Пәрманға көре, 2021-жыл 1-ноябрьден:
-“Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри” мәлимлеме системасында дизимге алынған шахсларға, сондай-ақ I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға мәмлекетлик хıзметлер орайлары ҳәм (ямаса) Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўде мәмлекетлик бажылар, жыйымлар ҳәм басқа ҳәр қандай төлемлер бойынша 50 пайыз муғдарында шегирме қолланылады (исбилерменлик искерлиги мақсетлеринде ямаса юридикалıқ шахслар ўәкили сыпатында мүрәжат еткен жағдайлар буннан тысқары);
-Мәмлекетлик хызметлер орайлары “Лицензия” мәлимлеме системасы ҳәмде Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлер белгиленген мүддетинен 3 жумыс күнинен артық ўақытқа кешиктирилгенде, арза бериўшилердиң мүрәжатлары тийкарында, хызметтен пайдаланыў ушын төленген мәмлекетлик бажылар, жыйымлар ҳәм басқа ҳәр қандай төлемлердиң 50 пайызы оларға 1 жумыс күнинде қайтарылады. Бунда арза бериўшиге тийисли мәмлекетлик хызмет бийпул көрсетиледи.
2022-жыл 1-январдан айырым мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўде өндирилетуғын мәмлекетлик бажылар, жыйымлар ҳәм басқа төлемлер муғдары кемейттириледи.
2021-жыл 1-декабрьден:
-шет елде турақлы жасаўшы Өзбекстан пуқаралары, сондай-ақ сырт елли физикалық ҳәм юридикалық шахслар ҳәмде пуқаралығы болмаған шахсларға электрон санлы имза сертификатларын Өзбекстан дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелери тәрепинен бериў арқалы электрон мәмлекетлик хызметлеринен пайдаланыў имканияты жаратылады;
-Өзбекстанда Республикасында турақлы жасамайтуғын шет эл пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға физикалық шахстың жеке идентификация номери әпиўайыластырылған тәртипте район (қала) миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлеринде ҳәмде мәмлекетлик хıзметлер орайларында әмелге асырылады;
-лицензия, руқсатнама, сертификат ҳәм басқа руқсат етиў қәсиийетине ийе ҳүжжетлердиң дубликатын бериў ушын миллий валютада белгиленген төлемлер БЕМның 10 процентине шекем муғдарда белгиленеди (нызамшылық ҳүжжетлеринде төлемлер белгиленбеген яки базалық есаплаў муғдарының 10 пайызынан кем муғдарда белгиленген жағдайлар буннан тысқары).

Шымбай районы Мәмлекетлик
хызметлер орайы бөлим баслығы
Б.Бекниязов.

Пайдалы ресурслар
Skip to content