Киши кѳлемли кемелер ҳәм қайық ийелери дыққатына!

Киши кѳлемли кемелер ҳәм қайық ийелери дыққатына!

31.08.2021 16:36:55 | 63

Киши көлемли кемелер дегенимиз — двигателлериниң қуўатлығы 55 кВт тан кем болған ҳәм 12 пуқарадан кем жолаўшы сыятуғын өзи жүрер кемелер, двигателлериниң қуўатлығы ҳәм санына қарамастан, көтерме моторлы кемелер, суў мотоцикллары (гидроцикллар), өзи жүзбейтуғын кемелер ҳәм 80 регистр тоннадан кем көлемли басқа жүзиўши объектлер, ҳаўа толтырылган моторсыз, ескекли қайықлар болып есапланды. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл […]

Нураный анамыз сыйлықланды

31.08.2021 16:05:32 | 181

  Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллық байрамы мүнәсибети менен бир топар мәмлекетлик уйымлар ҳәм социаллық, экономикалық тараўдағы хызметкерлер соның менен бирге бир қатар кексе  нураныйларымыз мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланбақта. Усылар қатарында   нураный анамыз Оразгул Сапарбаева да Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы көкирек нышаны менен сыйлықланды.Нураный анамызды байрам менен қутлықлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси инсан хуқықлары бойынша […]

Шымбайда «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» сүрени астында байрам илажы болып өтти

28.08.2021 18:30:30 | 106

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик Ғәрезсизлигине 30 жыл толыў мүнәсибети менен Шымбай  районы орайындағы «Ғәрезсизлик майданы»нда «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» сүрени астында байрам илажы болып өтти. Илажда район ҳәкими А.Тажетдинов шығып сөйлеп, байрам менен район халқын қызғын қутлықлады. Буннан соң районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламалары, спортшы жаслар қатнасында спорт шығыўлары қатнасыўшылар нәзерине усынылды. […]

Шымбайда «Тайлақ» аӯыллық поликлиника шақапшасы пайдаланыӯға тапсырылды

26.08.2021 17:33:25 | 134

  Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң  30 жыллық байрамы алдынан  Шымбай районы «Тазғара» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағында 52-санлы Аӯыллық шаңарақлық поликлиникасы Тайлақ аӯылы шақапшасы имараты пайдаланыӯға тапсырылды.Аймақ турғынлары жасаӯ шәраятынан келип шығып  өзлери жасап атырған Тайлақ аӯылына  поликлиника шақапшасы керек екенлиги хаққында  2-сектор баслығына мүрәжат еткен еди.  Мүрәжат өз ӯақтында көрип шығылды ҳәм  бүгин аӯыл турғынлары ушын […]

Халықты дизимге алыӯдың мәмлекет турмыс дәрежесин үйрениўдеги орны

23.08.2021 11:00:06 | 147

  Не ушын халықты дизимге алыў халықтың турмыс дәрежесин ўйрениўде әҳмийетли? Халықты дизимге алыў социал-экономикалық сиясатты ислеп шығыў халық турмысын жақсылаўда жәрдем беретуғын қарарлар қабыл қылыўға имкан береди. Буннан тысқары миллиярдлап мәмлекет қаржыларын әдиллик пенен бөлистириўде жәрдем береди бунда тәлим дәстүрлери, ден саӯлықты сақлаӯ системасы, ҳуқық қорғаӯ органлары ҳәм автомобиль жолларын қурыў сыяқлы халықтың  турмыс […]

Бүгин районымыздағы Шыпакер көшесине жаңадан асфальт төселди

19.08.2021 18:12:46 | 271

Шымбай районында «Абат аӯыл»  ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде ишки хожалық жолларда қурлыс – оңлаӯ ҳәм абаданластырыӯ жумыслары алып барылмақта.Шымбай районы жоллардан пайдаланыӯ унитар кәрханасы тәрепинен «Жипек жолы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Шыпакер» көшесине мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде күнделикли оңлаӯ жумыслары есабынан  жаңадан   асфальт төселмекте.

ТЕЗ АРАДА ИСКЕ ТҮСИӮИ РЕЖЕЛЕСТИРИЛГЕН «ZANG TEX» ГЕ МЕДИА ТУР

19.08.2021 11:22:03 | 305

  Шымбай районы «Көкши қала» макан пуқалар жыйыны аймағында  «ZANG TEX» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине медиа тур шөлкемлестирилди. Тез арада иске түсиӯи режелестирилген текстиль фабрикасының жәми баҳасы 103 млрд. 700 млн. сўмлық ийирилген жип ислеп шығарыў жойбары әмелге асырылмақта.Бүгинги күнде Қытай мәмлекетинен ислеп шығарыў үскенелери толық жетип келген, текстиль фабрикасының қурылыс жумыслары алып барылмақта.Жойбар иске түсирилгеннен […]

ЖАⱧА РЕДАКЦИЯДА ҚАБЫЛ ЕТИЛГЕН «СУДЛАР ҲАҚҚЫНДА»ҒЫ ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ НЫЗАМЫНЫҢ МАЗМУНЫ ҲӘМ ӘҲМИЙЕТИ ҲАҚҚЫНДА

18.08.2021 17:51:38 | 342

Соңғы жылларда мәмлекетимизде пуқаралар, юридикалық шахслар ҳәмде исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң суд жолы менен ҳәр тәреплеме ҳәм толық қорғалыўын тәмийинлеў, суд тараўына хабар коммуникациялық технологияларды кеңнен енгизиў, суд мәжилислериниң ашықлығы ҳәм әшкаралығын тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыў барысында избе-излик пенен реформалар әмелге асырылып келинбекте. 2021 жыл 28 июльда жаңадан қабыл […]

Жолы саздың – иси саз

18.08.2021 11:31:44 | 52

Мәмлекетимизде соңғы жылларда жол сазлаӯ тараӯын раӯажландырыӯ, жолларды халықаралық  талап дәрежесине келтириӯге айрықша итибар қаратылмақта.Соны айрықша атап өтиӯ орынлы бүгинги күнде районымызда халқымызға хызмет қылатуғын жолларды асфальтлаӯ бойынша әдеӯир жумыслар алып барылмақта.Солардың қатарында районымыз орайы есапланған Әмир Тимур көшеси  700 метр жол асфальтланбақта.

Пайдалы ресурслар
Skip to content