Сессияға депутатлар, жәмийетшилик ўәкиллери, райондағы мәкеме басшылары район белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Халық депутатлары Шымбай районлық Кеӊесиниӊ үшинши сессиясы район ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында болып өтти. Сессия күн тәртибинде бир мәселе көрип шығылды. 1. Аймақларды комплекс социал-экономикалық раўажландырыў, халықты социаллық жақтан қорғаў ҳәм турмыс дәрежесин асырыў, исбилерменликти раўажландырыў бойынша Шымбай районы сектор баслықлары […]
«Исбилерменлик ҳəм қаласазлық искерлигин əмелге асырыўда жер ресурсларының инвестициялық мүмкиншиликлеринен нəтийжели пайдаланыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-135-санлы пәрманы қабыл етилди. Пәрман менен: а) аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын мүлк ҳуқықы ямаса ижара ҳуқықы тийкарында, аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижара ҳуқықы тийкарында сатып алыў муғдарын төмендеги шəртлерде ҳəр айда тең үлеслерде, қалдық суммаға Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында […]
Қарақалпақстан Республикасı Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары wáлаятлық ҳәм Ташкент қалалық, районлық Кеңеслериниң депутатлары ушын еки күнлик оқыӯ семинарлары шөлкемлестирилген болып, онда Қарақалпақстан Республикасı Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, Шымбай,Қараөзек,Тахтакөпир,Кегейли ҳәм Бозатаӯ районлық Халық депутатларı Кеңесиниң депутатлары қатнаспақта. Оқыӯ семинары онлайн форматта өткерилип, онда Өзбекстан Республикасı Президенти тәрепинен Олий Мажлис палаталарының мәжилислеринде белгилеп берилген тийкарғы ӯазыйпалар, ӯәкиллик уйымларының […]
Сессияға депутатлар, жәмийетшилик ўәкиллери, райондағы мәкеме басшылары район белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Халық депутатлары Шымбай районлық Кеӊесиниӊ үшинши сессиясы район ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында болып өтти. Сессия күн тәртибинде бир мәселе көрип шығылды. 1. Суў ресурсларын нәтийжели басқарыў ҳәм суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў ҳаққында.
Ашық сәӯбет болып өтти Районда дизимнен өткен барлық салық төлеўшилерден өндирилген салықлар бойынша Шымбай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм сектор баслықлары тийисли тараӯ басшылары ҳәм журналист ҳәм блогерлердиң қатнасыӯында районда дизимнен өткен барлық салық төлеўшилерден өндирилген салықлар бойынша бойынша ашық сәӯбет болып өтти. Ашық сәӯбет даӯамында Шымбай районы салық инспекциясы […]
Бүгин район ҳәкими А.Тажетдиновтың жеке қабыллаӯы болып өтти. Қабыллаў даўамында коммуналлық хызмет бойынша ҳәмде жол машқаласы бойынша бәнтлик мәселелери бойынша мүрәжатлар үйренилди. Мүрәжатлар басым көпшилиги орынында унамлы шешим тапты.Ал мүддет күтилетуғын мүрәжатлар бойынша тараў басшыларына тапсырмалар берилип барлық мүрәжатлар район ҳәкими тәрепинен қадағалаўға алынды.
2024-жылдың январь-октябрь айларында Шымбай районында тийкарғы капиталға киритилген инвеститциялардың улыума көлеми миллий валютада 304,1 млрд суӯмды ямаса 2023-жылдың сәйкес дәӯирине салыстырғанда өсим пәти 115,5 % ти қурады.
2024-жылдың январь-октябрь айларында Шымбай районында 144,4 млрд.суӯмлық қурылыс жумыслары орынланып, өсиў пәти 2023-жылдың январь-октябрь айларына салыстырғанда 107,1 % қурады.
2024-жылдың январь-октябрь айларында район аймағында көрсетилген хызметлер көлеми 411,5 млрд.суӯмды қурады. Өсиў пәти өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 115,3 % қурады.
Усы жылдың январь-октябрь айында район аймағында усақлап сатыў саўда товар айланысы 491,8 млрд.суӯмды қурады ҳәм 2023-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 110,2 % өскен.