Нәшебентлик деп инсанның наркотик затларға үйренип қалыўына айтылады. Халық әсиресе айырм жасларымыз арасында тәртипсиз өмир кешириў, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўды қәлемеў, өзин-өзи қадағалай алмаў, ата-аналарының қадағалаўынан шетте қалыўы ҳәм наркотик затларға қызыққаны себепли бундай иллетлер келип шықпақта.
Нәшебентликке адам жүдә тез үйренип қалады, организмниң реактивлиги пәсейип, наркотик затқа руўхый ҳәм физикалық жақтан ғәрезлилик ҳалаты жүзеге келеди, яғный адам наркотик зат қабыл етпесе тура алмайтуғын болып қалады. Оның шәртли түрде үш басқышы бар болып, булар:
-бириншиси үйренип барыў, яғный адаптацияның (организмниң реактивлиги өзгерип, руўхый ғәрезлиликтиң) пайда болып барыўы;
-екиншиси, физикалық ғәрезлиликтиң пайда болыўы ямаса қумары тутып, адам жүдә қатты қыйналатуғын синдром басланғанында оның наркотик затты қабыл етиўге болған күшли дәрежедеги мүтәжликти сезиўи,
-үшиншиси, пүткил организмниң димары қурыўы, наркотиклер зәҳәрли болғанлығы ушын бас мийге тәсир етип, кеўилдиң айныўы, улыўма жағдайдың аўырласыўы, бара-бара буның соңы рак кеселлигине айланыўы, өкпе кеселликлерине себепши болыўы, кейинирек тутқанақ кеселлигине алып келиўи ҳәм тағы басқа усындай жағдайлар жүзеге келиўи мүмкин. Бундай инсанлар жәмийеттеги әмел етиўши нызам қағыйдаларға кери ҳәрекетлер ислеп, жынаятқа қол урады ҳәм ашыўшақ, тирсек болып, кеўилине ҳәмийше қорқыў орнап, оны биреў аңлып жүргендей қәўетерге түседи.
Наркотик зат пайдаланылғанда жүрек қан-тамыр ҳәм дем алыў системасы пәсейип, дене терисиниң көгерип кетиўи, қан аралас иш кетиўи, денениң қышыўы, ҳәр қыйлы бөртпелердиң пайда болыўы, қалтыраўы, кеўил айныўы жүзеге келеди. Нәшебент өлип баратырғандай қорқыў ҳәм қәўетерге түседи.
Бундай кеселликке шатылмаў ушын дәслеп, саламат турмыс тәризине әмел етиў керек. Айырым биреўлердиң жалған гәплерине исенбеў, бул жолға үгитлеўшилерден узақ жүриў, «нәшебентлик» деп аталатуғын әжел зәҳәриниң қандай ақыбетлерге алып келетуғынын умытпаўымыз керек. Әсиресе, өсип киятырған перзентлеримиздиң бул жолға кирип кетпеўи ушын, оларды ўақтында қадағалап, бос ўақытларын мазмунлы өткериўине, пайдалы өнер үйрениўине, спорт пенен шуғылланыўларына имканият жаратып бериўимиз зәрүр.
Н.Төремуратова
Районлық Медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы поликлиниканың нарколог шыпакери