Бүгинги күнде район аймағында 115,0 мыңнан аслам халық болатуғын болса, мийнетке жарамлы халық 62,2 мың болып соннан жумыс пенен бәнт халық саны 42,8 мың экономиканың рәсмий секторында бәнт болғанлар 13,3 мың, экономиканың нарәсмий секторында бәнт болғанлар 19,7мың Районда жумыссызлар саны 4,3 мың пуқара болып, жумыссызлық дәрежеси 9,1% ти қурайды.
2023-жыл 6 ай даўамында жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәминлеў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
“Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл
20-октябрдеги Халық бәнтлиги туўрысында”ғы 642-санлы Қарарына тийкар 2023 жыл январ-июнь айлары аралығында Шымбай районы Камбағаллықты қысқартыỹ хәм бантлик бөлимине жәми 1827 пуқара мүрәжаат қылған, соннан 1000 ҳаял қызлар ҳәмде 476 жаслардан ибарат болған болса мүрәжаат қылғанлардың муражатлары хәр тәреплеме көрип шығылып канаатландырылған.
Атап айтқанда. Жумыссыз пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде 134 жумыссыз пуқараларға 310,7 млн. сўм муғдарында жумыссызлық напақасы таярланды. соннан 39 ҳаял қызлар ҳәмде 54 жасларды қурайды.
Социаллық қорғаўға мүтәж жумыс табыўда қыйналып атырған пуқараларды жумысқа орналастырыў ушын бәнд кылып қойылған жумыс орынлары район хәкими қарары менен тийисли кәрхана ҳәм шөлкемлер есабынан 2023 жыл ушын жәми 32 кәрханаларға 64 жумыс орынлары квоталанған болып, жыллық реже 64 орын болса июнь айы жагдайына жумыс табыўда қыйналып атырған 22 жумыссыз пуқаралар толық турақлы жумыс пенен тәмийинленди, соннан хаяллар саны 9, ерлер саны 13 қурайды.
Район аймағында 2023-жыл 6 ай даўамында 8 мәртебе “Бос жумыс орынлары мийнет ярмаркалары” өткерилип, мийнет ярмаркасына жами 6 айда 353 кәрхана ҳәм шөлкемлерден 791 бос жумыс орынлары шығарылды. Ярмарка нәтийжеси бойынша 6 ай даỹамында 156 пуқаралар жумысқа орналасты.
Районымызда жумыссыз пукараларды кәсипке қайта оқытыў, қәнийгелигин асырыў ҳәм өнерментшиликти қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2023-жыл даỹамында 615 жумыссыз пуқаралар кәсипке қайта оқытыў реже белгиленип соннан январь-июнь айына 275 пуқараны оқытыӯ реже етип белгиленген. 6 ай даỹамында район аймағындағы 341 пуқараларға қысқа мүддетли оқыўларға жиберилип, оларға төленген степендия муғдары 65,6 млн сумды қурайды.
Соннан 93 пуқаралар Нөкис қаласындағы моно орайларда ҳәмде қурылыс тараỹларында оқытылды.
2
Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында 2022-жыл 15-декабр күни кеңейтирилген тәризде өткерилген видеоселектор жыйналысы баянының 21-бәнтине тийкар районда 2023-жылда жәми 9117 жаңа жумыс орынлары соннан жаратыў мақсетли көрсеткишлери тастыйықланған соннан 3816 турақлы, 3999 мәўсимлик ҳәм 1302 ўақтыншалық жумыс орынлары.
Соннан жәми 2023-жыл январь-май айларына 2871 жаңа жумыс орынларын жаратыỹ реже белгиленген болып әмелде 2966 (103,3 пайызға) пуқаралардың бәнтлиги тәмийнленди
ϴзбекистан Республикасы Жәмийетлик жумыслар фонды қаржылары есабынан 2023-жыл даўамында 924 пуқараларды жумысқа алыў жыллық режелери белгиленип, январ-июнь айларына 462 жумыс орны реже болып, амелде 332 пуқаралар ис ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға қамрап алынды
2023-жылда жами 31 имканияты шекленген хәм майыплығы болған пуқаралардың бантлигин тамийнлеỹ реже етип белгиленген.
Соннан 6 ай даỹамында карханалардағы бос жумыс орынларына жайластырыỹ есабына 17 пуқара, ӯақтыншалық ис хаққы төленетуғын жамийетлик жумысларға 4 пуқара, субсидия ажыратыỹ арқалы 7 пуқаралардың бантлиги тамийнленди.
“Ҳәким жәрдемши”лери
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 03-декабрь күнги “Мәҳалледе исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийнлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў бойынша мәмлекетлик сиясатының әҳмийетли жөнелислери ҳаққында”ғы ПП-29-санлы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 03-декабрь кунги “Мәҳалледе исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийнлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилери искерлигин шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-31-санлы қарары бойынша бүгинги күнде районымызда ҳәр бир ҳәким жәрдемшисине жумыс алып барыўы ушын барлық қолайлы шәраятлар жаратылған.
“Мәҳәллебай” ислеў системасы бойынша мәҳәллелерде ҳәким жәрдемшилери тәрепинен үйме-үй (хонаданбай) жүрип сораўнама өткериў нәтийжесинде жәми 22 мәҳәлледеги 20448 хожалық 100% хатлаўдан өткерилип, 3 тайыпаға ажыратып алынды.
1–Тайыпа – 7880 (39,8 %) шаңарақ (Шаңарақ дәраматы кем, жумыссыз ағзалары болған, өз жумысын баслаўға қызығыўшылығы жоқары, дәрамат табыўға, кәсип үйрениўге хәрекет қылатуғын шаңарақлар);
3
2–Тайыпа – 10 556 (53 %) шаңарақ (Турақлы дәраматқа ийе, қосымша дәрамат табыўга нийети бар шаңарақлар).
3–Тайыпа – 1650 (8,3 %) шаңарақ (Майыплылығы хәм кеселлиги бар, бағыўшысын жоғалтқан ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлар);
Халықтың бәнтлигин тәмийнлеў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мақсетинде 1602 шаңарақ исбилерменлик жойбарларын әмелге асырыў ушын 32,9 млрд.сўм кредит ҳәмде 7 пуқараны исбилерменликке тартыў, оларға мийнет қураллары ҳәм әсбап үскенелерин алып бериў ушын 4,3 млн.сўм субсидия ажыратылды.
1. Есабат дәўиринде жәми 457 жаңа исбилерменлик субъектлери шѳлкемлестирилди.
Ҳәким жәрдемшилери тәрепинен хатлаў нәтийжесинде анықланған ҳақыйқый жағдайдан келип шығып, усы машқалаларды сапластырыў бойынша “Мәҳәллебай” ислеў системасы тийкарында жыл жуўмағына шекем әмелге асырылатуғын ислердиң “Жол карта”сы исленди.
Бунда тийкарғы итибар:
– жумыссыз пуқараларды жумысқа орналастырыў, оларды ҳақ тѳленетуғын жәмийетлик жумысларға тартыў;
– халықтың турақлы дәрамат дәрегин жаратыў ушын жеңиллетилген кредитлер ҳәм субсидиялар алыўға көмеклесиў;
– жумыссыз жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке үйретиў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылды.
– мийнетке жарамлы жумыссыз ямаса рәсмий бәнт болмаған халық арасында үгит-нәсият иләжларын алып барыў нәтийжесинде
1 092 пуқаралар ѳзин-ѳзи бәнт етиў арқалы бәнтлиги тәмийнленди.
Районымызда “Қариялар майыплығы бар болған пуқараларға
социал-медициналық хызметлер көрсетиў бойынша 2023-жыл 6-ай даўамында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл
10-август күнги 237-санлы қарары тийкарында 18 жалғыз баслы, 82 өзгениң күтимине мүтәж пенсионер, жәми 100 өзгениң күтимине мүтәж жалғыз баслы майып ҳәм пенсионерлер есапқа алынды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл
10-август күнги 237-санлы қарары тийкарында есапқа алынған 18 өзгениң күтимине мүтәж жалғыз баслы пенсионер ҳәм майыпларға 6 ай даўамында азық-аўкатлық ҳәм күнделикли тутыныў буйымын сатып алыўы ушын, мәмлектлик бюджет қаржылары есабынан базалық есаплаў муғдарының
1 есесинде компенсация пуллары төлеп берилди.
4
Өзбекстан Республикасы Әдиллик Министрлиги тәрепинен 2021-жыл 1-июль күни 411-санлы қарарына тийкар, район аймағындағы майып ҳәм пенсионерлердиң арзалары тийкарында жәми 137 реабилитация техник буйымлары менен бийпул тәмийинленди.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик Министрлиги тәрепинен
2021-жыл 19-ноябрь күни 693-саны менен дизимнен өткерилген, «Халыққа санаторияларда емлениў ушын, жолламалар бериў тараўында
ахборот-технологияларын әмелиятқа енгизиў хаққында»ғы қарары бойынша, район аймағындағы майып ҳәм пенсионерлердиӊ санатория-курортларда дем алыў ушын, 108 пенсионерге бийпул жолламалар берилди.
Шымбай районында 2023-жыл январ-июнь аралығында Кембағаллықты қысқартыỹ хәм бәнтлик бөлиминде әмелге асырылған жумыслар ҳаққында.
МАҒЛЫЎМАТ
Бүгинги күнде район аймағында 115,0 мыңнан аслам халық болатуғын болса, мийнетке жарамлы халық 62,2 соннан бәнт халық саны 42,8 мың (экономиканың рәсмий секторында бәнт болғанлар 13,3 мың) (экономиканың нарәсмий секторында бәнтлер 19,7мың) Районда жумыссызлар саны 4,3 мың пуқара болып, жумыссызлық дәрежеси 9,1% ти қурайды.
Шымбай районы Кембағаллықты қысқартыỹ хәм бәнтлик бөлими тәрепинен 2023-жыл 6 ай даўамында жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәминлеў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
“Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл
20-октябрдеги Халық бәнтлиги туўрысында”ғы 642-санлы Қарарына тийкар 2022 жыл январ-июнь аралығында Шымбай районлық Халықтың бантлигине көмеклесиў орайына жәми 1827 пуқара мүрәжаат қылған,(соннан 1000 ҳаял қызлар ҳәмде 476 жаслардан ибарат болған болса) мүрәжаат қылғанлардың муражатлары хәр тәреплеме к5рип шығылып канаатландырылған.
Атап айтқанда. Жумыссыз пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде 134 жумыссыз пуқараларға 310,7 млн. сўм жумыссызлық напақасы таярланды. (соннан39 ҳаял қызлар ҳәмде 54 жаслар)
Социаллық қорғаўға мүтәж жумыс табыўда қыйналып атырған пуқараларды жумысқа орналастырыў ушын бәнд кылып қойылған жумыс орынлары район хәкими қарары менен тийисли кәрхана ҳәм шөлкемлер есабынан 2023 жыл ушын жәми 32 кәрханаларға 64 жумыс орынлары квоталанған болып,жыллық реже 64 орын болса июнь айы жагдайына 22 жумыс табыўда қыйналып атырған жумыссыз пуқаралар толық турақлы жумыс орынларына жумысқа орналасты, хаяллар саны 9, ерлер саны 13 қурайды (январь-июнь айына режеге 68,8% орынланды)
Район аймағында 2023-жыл 6 ай даўамында 8 мәртебе “Бос жумыс орынлары мийнет ярмаркалары” өткерилип, мийнет ярмаркасына жами 6 айда 353 кәрхана ҳәм шөлкемлерден 791 бос жумыс орынлары шығарылды. Ярмарка нәтийжеси бойынша 6 ай даỹамында 156 пуқаралар жумысқа орналасты. (46 жаслар, 56 ҳаял-қызлар)ды қурайды.
Шымбай районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен районда жумыссыз пукараларды кәсипке қайта оқытыў ҳәм қәнийгелигин асырыў ҳәмде өнерментшиликти қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2023-жыл даỹамында 615 реже белгиленип соннан январь-июнь айына 275 реже белгиленген. 6 ай даỹамында район аймағындағы 341 пуқараларға қысқа мүддетли оқыўларға жиберилип (реже 124 пайызға) орынланды. (соннан 308 ҳаял қызлар ҳәмде 129 жаслар) төленген степендия муғдары 65,6 млн, оқытыỹшыларға төленген ис ӽаққы 13,1млн сумды қурайды.
Соннан 93 пуқаралар Нөкис қаласындағы моно орайларда ҳәмде қурылыс тараỹларында оқытылды.(тигиўшилик, компютер саўатқанлығын асырыў) Шымбай районы мәҳалле масканында 248 пуқара).
Жаңа жумыс орынларын жаратыỹ
Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында 2022-жыл 15-декабр күни кеңейтирилген тәрзде өткерилген видеоселектор жыйналысы (79-санлы) баяны 21-бәнтине тийкар районда 2023-жылда жәми 9117 жаңа жумыс орынларын (3816 турақлы, 3999 мәўсимлик ҳәм 1302 ўақтыншалық) жаратыў мақсетли көрсеткишлери тастыйықланған.
Соннан 2023-жыл январ-май айларына:
-Инвестиция хәм сыртқы саỹда раỹажландырыỹ жөнелисинде жаңа жумыс орынлары январ-май айына 55 орын реже белгиленген болып әмелде 16 орынға (29 пайызға);
– Аўыл, суў ҳәм тоғай хожалығы жөнелисинде жаңа жумыс орынлары январ-май айына 1459 орын реже белгиленген болып әмелде 1626 орынға (111,4 пайызға);
– Финанс-экономикалық исбилерменлик хәм кәмбағаллықты қысқартыỹ жөнелисинде жаңа жумыс орынлары январ-май айларына 1325 орын реже белгиленген болып әмелде 1324 орынға (100 пайызға):
– Курлыс хәм трансфорт тараỹында жаңа жумыс орынлары январ-май айларына 32 орын реже белгиленген болып әмелде жумыс орынлары жаратылмады.
Жәми 2023-жыл январь-май айларына 2871 жаңа жумыс орынларын жаратыỹ реже белгиленген болып әмелде 2966 (103,3 пайызға) жаңа жумыс орны жаратылып халықты турақлы, ўақтыншалық ҳәм мәўсимли жумысларда бәнтлиги тәмийнленди
ϴзбекистан Республикасы Жәмийетлик жумыслар фонды қаржылары есабынан 2023-жыл даўамында 924 пуқараларды жумысқа алыў жыллық реже белгиленди. Соннан январ-июнь айларына 462 реже болып амелде жәми 332 пуқаралар ис ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға қамрап алынды (71,9 пайыз) олардың ис-ҳақылары ушын жәми 207,8 млн.сўм қаржы төлеп берилди.(соннан 222 ҳаял қызлар ҳәмде 54 жаслардан ибарат)
Бәнтлик жамғармасы есабынан ажыратылған субсидиялар.
Шымбай районы хәкиминиң қарары менен тийисли кәрхана ҳәм шөлкемлер есабынан 2023 жыл ушын квоталанған жумыс орынларынан режедеги белгиленген орынлардан тысқары орын жаратқан 3 карханаларға, социаллық қорғаўға мүтәж жумыс табыўда қыйналып атырған 7 пуқара ушын 50,4 млн сум (хаяллар 4, ерлер 3) “Айша-Айда” ислеп шығарыỹ кооперативине қосымша касанашылықты раỹажландырыỹ мақсетинде кем тамийнленген дизимде турған 3 хаял-қызларымызға 13,5 млн сум ажыратылды.
Имканияты шекленген хәм майыплығы болған пуқаралардың бантлигин тамийинлеỹ.
2023-жылда жами 31 имканияты шекленген хәм майыплығы болған пуқаралардың бантлигин тамийнлеỹ реже етип белгиленген.
Соннан 6 ай даỹамында карханалардағы бос жумыс орынларына жайластырыỹ есабына 17 пуқара, Ӯақтыншалық ис хаққы төленетуғын жамийетлик жумысларға 4 пуқара, субсидия ажыратыỹ арқалы 7 пуқаралардың бантлиги тамийнленди. (жыллық режеге 90,3пайыз) орынланды.
Район аймағындағы мекеме карханаларда 6 ай даỹамында мийнет нызамлығын Мәмлекетлик мийнет инспекциясы тәрепинен ỹйренип өткерилген тексериỹлер натийжесинде анықланған нызам бузылыỹ жағдайлары бойынша жами 104 мекеме карханалар уйренилип оларда анықланған нызам бузылыỹ жағдайлары 197 қурайды.(мийнет шартнамаларындағы кемшиликлер 37, мийнет даптершеси журитилиỹинде 8, ис хаққы бойынша 6, нызамсыз мийнет шартнамасын бийкарлаỹ 3, мийнет дем алыслары 17, бос жумыс орынларын жасырыỹ жағдайы 21, басқа нызам бузылыỹ жағдайлары 105)ти қурайды. Соннан 27 мекеме карханаларға жами 61,2 млн сум муғдарында жариймалар белгиленди.
Сырт мамлекетлерден қайтқан мигрантларды хатлаỹдан өткериỹ хәм бәнтлигин таьмийнлеỹ
Шымбай районында бүгинги күнде 9831 пуқараларымыз сырт мәмлекетлерде жүргенлиги соннан 6-ай даўамында 2568 ден аслам пуқараларымыз расмий хәм нарасмий түрде жумыс ислеỹ мақсетинде сырт мәмлекетлерге шығып хәм сырт мәмлекетлерден келген мийнет мигрантлары хатлаўдан өткерилип, соннан 708 мигрантларды нарасмий хәм расмий турде жумыс орынлары менен бәнтлиги тәмийинленди.(бос жумыс орынларына 124, уақтыншалық жамийетлик жумысларға 53, өзин-өзи бант есабынан 420, исбилерменлик жөнелислеринде кредитлер ажыратыỹ арқалы 59, кәсипке қайта таярлаỹ хәм оқытыỹға жиберилгени 52) қурайды.
-шөлкемлестирилген мийнет миграциясы арқалы жумыс пенен таминлеỹ есабынан 16 пуқара расмий таризде шет мамлекетлерине шартнама тийкарында жумысқа жиберилди.