Бүгин Шымбай районы 1-секторға қараслы «Таза-жол» аўыл пуқаралар жыйынындағы 15 -санлы мектепте ҳәм «Пашент таӯ» аўыл пуқаралар жыйынындағы 22-санлы мектепте, район ҳәкими A.Тажетдинов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бөлими хызметкери И.Жуманиязов, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими баслығы Ж.Жолдасбаев пенен биргеликте питкериўши жаслар менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға аймақтағы барлық мектептен 11-класс оқыўшылары қатнасты. Ушырасыўдан тийкарғы мақсет питкериўшилердиң келешекте өз орнын табыўы, мәмлекетимизде жоқары оқыў орынларына кириўде жасларға жаратылған жеңилликлерден үнемли пайдаланыў, оларды белгили бир кәсипке бағдарлаў, жаслардың усыныс пикирлерин тыңлаў ҳәм оларға шешим табыў болып табылады.