1. Шымбай районында 2024-жылда кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм социал-экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында
2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-март күнги ПП-87-санлы пәрманы бойынша 2024-жыл 1-шерек даўамында районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳаққында
3. Аўыл хожалығына мөлшерленген ҳәкимият қоры есабында бос турған жер майданларынан фермер хожалықларын шөлкемлестириў ҳәм “Ашық электрон” таңлаўына шығарыў ҳәм де дийқаншылық арқалы жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ушын жер майданларын ажыратыў ҳаққында
4. Шымбай районы Ишки ислер бөлими тәрепинен 2024-жылдың 1-шереги даўамында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша алып барылған жумыслар ҳаққында
5. Сейтмуратов Азатбай Қалмуратовичты Шымбай районы Экономика ҳәм финанс бөлими баслығы лаўазымына тастыйықлаў ҳаққында
6. 2024-жыл 1-ярым жыллық ушын “Пуқаралар басламалы қоры” қаржыларының қәлиплесиўи ҳаққында
7. Шымбай районы Халқы, социаллық тараў обектлери ҳәм экономика тараўларын 2024-жылда энергия ресурслары менен турақлы тǝмийинлеў ҳаққында
8. Шымбай районында суўдан пайдаланыўшылар кесиминде вегетация дәўиринде аўыл хожалығы егинлерин суўғарыў ушын суў алыў лимитлерин тастыйықлаў ҳаққында
9. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2024-жыл 3 айы даўамында әмелге асырған жумыслар ҳаққында
10. Шымбай районы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бөлими тәрепинен 2023-жыл даўамында әмелге жумыслары ҳаққында
11. Мәҳәллелердеги машқалаларды ҳал етиўде халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутатларының “Мәҳәлле жетилиги” менен бирге ислесиўин жолға қойыўды шөлкемлестириў исилажлары ҳаққында.