Өзбекстанда халықты есапқа алыў дәўри

Өзбекстанда халықты есапқа алыў дәўри

16.08.2021 12:01:15 | 109

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги “Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ис-илажлары  ҳаққында”ғы  қарарына тийкарланып: 2021-жыл 1 – 25 ноябрь күнлери Андижан ўәлаятының Хожаабат районы, Ташкент ўалаятының Жоқары Шыршық районы, Хорезм ўәлаятының Хиӯа қаласында ҳәмде Ташкент қаласының Яшнаабат районларында халықты сынаў тәризинде дизимге алыў илажы әмелге асырылады. Республика дәрежесинде […]

Ғәрезсизлик мениң нәзеримде атамасындағы ушырасыӯ

16.08.2021 09:51:21 | 109

Ватанпарбар шөлкеми Шымбай оқыӯ спорт техника клубында оқыӯшы жаслар ҳәмде нураныйлар қатнасыӯында “Ғәрезсизлик мениң нәзеримде”, Ғәрезсизлик берген имкәниятлар, ерисилген жетискенликлер темаларында  мәмлекетимиз Ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы алдынан ушырасыӯ болып өтти.  

Сапасыз өнимнен абайлы болың

13.08.2021 17:45:37 | 266

Шымбай районы С анитария эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими ҳәм Айрықша жағдайлар басқармасы қәнийгелери  менен биргеликте “Дийхан базар” аймағында жайласқан азық-аўқат дуканларында “Аўқаттан зәҳәрлениў ҳәм ботулизм кеселликлери” ҳаққында сатыўшылар  ҳәм қарыйдарларға кеселликтиң алдын алыўда тийкарғы бойынша түсиник жумысларын алып барылды.    

Ҳуқықый тәсир шараларын қоллаӯ ҳаққында ислерди жүритиӯ

13.08.2021 12:16:56 | 152

  Ҳуқықый тәсир шараларын қоллаӯ ҳаққындағы арзалар менен судларға қадағалаӯшы уйымлар мүрәжаат етиӯге ҳақылы. Ҳуқықый тәсир шаралары төмендегилерден ибәрат: искерликти қысқартыӯ; әтирап тәбийғый қоршаған орталыққа зыянлы тәсир корсетип атырған объектлер искерлигин қысқартыӯ ҳәм (яки) қайта қәнийгелестириӯ; искерликти шеклеӯ, тоқтатып турыӯ ҳәм қадаған етиӯ, бунда айрықша жағдайлар, эпидемиялар ҳәмде ҳалықтың өмири ҳәм ден-саӯлығы ушын басқа ҳақыйқый […]

Шымбай районына Германиядан бес дана жасалма дем бериӯ аппараты алып келинди

13.08.2021 11:09:01 | 277

Азия раӯажланыӯ банкының қатнасында 28-апрель 2020- жылғы дүзилген бирлемши медико -санитариялық жәрдемин раӯажландырыӯ жойбары тийкарында Германия мәмлекети Fritz stephan GmbH Medizintechnik кәрханасы тәрепинен ислеп шығарылған 5 дана EVE IN модель жасалма дем бериӯ аппараты Шымбай районы медицина бирлеспесине берилди. Бүгинги күнде иске тусирилип, халқымызға сапалы медициналық жәрдем көрестилип келмекте.

Аӯыл хожалығы қәнигелери өз-ара тәжирийбе алмасты

12.08.2021 18:44:57 | 225

Шымбай районында 12-август күни Төрткул районы Аўыл хожалық  бойынша тийисли қәнигелер менен биргеликте тәжирийбе алмасыў бойынша көргизбели семинар болып өтти. Семинарда Төрткул районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ниязимбетов Валижон , районлық Аўыл хожалығы бөлими баслығы Худайбергенов Джурабек Анварбекович ҳәм Суў хожалығы бөлими баслығы Қадиров Анварлар қатнасты. Жыйналыста районда аўыл  хожалығында әмелге […]

Район ҳәкими Кеңес аӯыл пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасты

11.08.2021 10:05:37 | 199

Өзбекстан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёевтың басшылығында халық мүрәжатлары менен ислесиў системасын жаңаша шөлкемлестириў илажлары бойынша видеоселектор тәризинде өткерилген мәжилисте адамларды мүрәжат етиўге мәжбүр етип атырған машқалаларды мәҳәллениң өзинде сапластырыў керек екенлигин атап өтилип,бул усылардан келип шыққан ҳалда, Шымбай  районы ҳәкимине бириктирилген 1-сектор аймағына қараслы «Кеңес»  аӯыл пуқаралар жыйыны турғынларының мүрәжаты үйренип шығылды.  

Шымбай районында ҳаял-қызлардың арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша ашық сәўбет болып өтти

11.08.2021 09:11:37 | 235

  Бүгин район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Шымбай районында ҳаял-қызлардың арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыӯ бойынша ашық сәӯбет болып өтти.Бүгинги күнде тилекке қарсы ҳаял-қызларымыз арасында ушырасып атырған машқалалар  шаңарақтағы келиспеӯшиликтиң тийкарғы себеплери бойынша  Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап – қуӯатлаӯ бөлими баслығының  биринши орынбасары Г.Мәмбетниязова баянат жасады.Сондай-ақ ҳәр бир аймақта ҳаял-қызлар менен еледе тығыз ислесиӯ бойынша […]

Рәсмий жуӯап

10.08.2021 18:11:21 | 315

  “Қарақалпақстан екилемши қараметалл” филиалы  социаллық тармақларда    жәрияланған мақала “Чимбойга йиғилаётган темирлар қаерга кетяпти? атамасындағы мақала бойынша төмендегилерди мәлим етип билдиреди. Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районында жайласқан Өзметкомбинат АЖ “Қарақалпақстан екилемши қараметалл” филиалы Шымбай бөлими Қарақалпақстан Республикасы арқа районларындағы кәрханалар, мекемлер, жеке фирмалар ҳәм пуқаралардан жарамсыз болған қара металл сынықлары ҳәм қалдықларын қабыл етеди хам […]

ХАЛЫҚТЫ ДИЗИМГЕ АЛЫЎ-КЕЛЕШЕККЕ ЖАҢА ҚӘДЕМ

10.08.2021 09:46:12 | 115

Мәмлекет пуқаралары туўрысындағы мағлыўматлар ҳәр қандай мәмлекет миллий статистикасының зәрүрли бөлеги есапланади. Бундай мағлыўматлар мәлим ўақыт аралығында халықты дизимге алыў илажлары арқалы топланды. Олар тек ғана республика емес, бәлки Жер жүзи халқының саны, социал жағдайы, дәраматлары сыяқлы бир қанша зәрүрли информацияларды есаплап барыўға хызмет етеди. БМШ дүнья мәмлекетлерине пуқаралар менен жүзеге келиўши бир қатар социал […]

Пайдалы ресурслар
Skip to content