Бүгин район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Шымбай районында ҳаял-қызлардың арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыӯ бойынша ашық сәӯбет болып өтти.Бүгинги күнде тилекке қарсы ҳаял-қызларымыз арасында ушырасып атырған машқалалар шаңарақтағы келиспеӯшиликтиң тийкарғы себеплери бойынша Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап – қуӯатлаӯ бөлими баслығының биринши орынбасары Г.Мәмбетниязова баянат жасады.Сондай-ақ ҳәр бир аймақта ҳаял-қызлар менен еледе тығыз ислесиӯ бойынша тийисли тараӯ басшыларына тапсырмалар берилди.