Өзбекстанда халықты есапқа алыў дәўри

Өзбекстанда халықты есапқа алыў дәўри

16.08.2021 12:01:15 211 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги “Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ис-илажлары  ҳаққында”ғы  қарарына тийкарланып:

2021-жыл 1 – 25 ноябрь күнлери Андижан ўәлаятының Хожаабат районы, Ташкент ўалаятының Жоқары Шыршық районы, Хорезм ўәлаятының Хиӯа қаласында ҳәмде Ташкент қаласының Яшнаабат районларында халықты сынаў тәризинде дизимге алыў илажы әмелге асырылады.

Республика дәрежесинде халықты дизимге алыў илажы  2023-жыл 1-25-ноябрь күнлери өткериледи ҳәм дизимге алыў басланыўының анық ўақты 2023-жыл 1-ноябрь саат 00.00 етип белгиленеди. Халықты дизимге алыў 25 күн даўам етип ол төмендегише әмелге асырылады:

— 1–5 ноябрьде интернет тармағы арқалы дизимге алынады (5 күн);

— 6–10 ноябрьде интернет тармағы арқалы дизимге алынған респондентлер ҳәм олардың үй мәнзиллери дизими қәлиплестириледи (5 күн);

— 11–22  ноябрьде халықты дизимге алыў сораўнама формалары тийкарында үйме-үй жүрилип халық дизимге алынады (12 күн);

— 23–25 ноябрьде ҳәр бир участкадағы үй-жай мәнзиллериниң 10 пайызы сайланды рәўиште, қадағалаў гузетиўи өткериледи (3 күн).

Халықты есапқа алыў дәўри дегенде нени түсинемиз?

Халықты дизимге алыў анық бир мүддетте өткериледи. Бул илаж әдетте 10 күннен – 12 күн талап етеди. Халықты есапқа алыў айрым жағдайларда халықты дизимге алыўдың нәзик ўақты деп та жүритиледи. Халықты дизимге алыў дәўри неше күн болыўына  қарамастан дизимге алыўдың биринши күни саат 00:00 жағдайы бойынша белгиленеди.

Мысал ушын бала халықты дизимге алыў дәўринде бирақ сол анық мўддеттен кейин дуньяға келсе, ол дизимге алынбайды. Бирақ кимдир бул нәзик ўақытта тири болып, дизимге алыў дәуринде дүньядан өтсе, ол дизимге алынады.

 

ШЫМБАЙ РАЙОНЫ СТАТИСТИКА БӨЛИМИ.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content