Ҳуқықый тәсир шараларын қоллаӯ ҳаққында ислерди жүритиӯ

Ҳуқықый тәсир шараларын қоллаӯ ҳаққында ислерди жүритиӯ

13.08.2021 12:16:56 365 Баспаға шығарыў

 

Ҳуқықый тәсир шараларын қоллаӯ ҳаққындағы арзалар менен судларға қадағалаӯшы уйымлар мүрәжаат етиӯге ҳақылы.

Ҳуқықый тәсир шаралары төмендегилерден ибәрат:

искерликти қысқартыӯ;

әтирап тәбийғый қоршаған орталыққа зыянлы тәсир корсетип атырған объектлер искерлигин қысқартыӯ ҳәм (яки) қайта қәнийгелестириӯ;

искерликти шеклеӯ, тоқтатып турыӯ ҳәм қадаған етиӯ, бунда айрықша жағдайлар, эпидемиялар ҳәмде ҳалықтың өмири ҳәм ден-саӯлығы ушын басқа ҳақыйқый қәуип жүзеге келиӯдиң алдын алыӯ менен байланыслы жағдайда он ис күнинен көп болмаған мүддетке шеклеӯ, тоқтатып турыӯ жағдайларынан тысқары;

банклердеги есап-бетлери бойынша операцияларды тоқтатып қойыӯ, банда нызамда нәзерде тутылған жағдайларынан тысқары;

финанслық санкцияларды қоллаӯ, бунда салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлер төлеу мүддетин өткерип жибергенлик ушын пенялар есаплаӯ, сондай-ақ юридик шахстың яки пуқараның ислеген ҳуқықбузарлығындағы айыбын тән алғанлығы ҳәм финанслық санкциялар суммаларын ыхтыярий рәӯиште төлегенлиги жағдайларынан тысқары;

исбилерменлик жумысының айрым түрлери менен шугылланыӯ ушын лицензияларының (рухсатнамаларының) әмел етиӯин он ис күнинен көп болған мүддетке тоқтатып турыӯ яки олардың әмел етиӯин қысқартыӯ яки лицензияларын (рухсатнамаларын) бийкар етиӯ, бунда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық банк тәрепинен берилетуғын лицензияларынан (рухсатнамаларынан) тысқары.

Суд нызам ҳүжжетлерине муӯапық басқа ҳуқықый тәсир шараларында қоллаӯы мүмкин.

Ҳуқықый тәсир шараларын қоллаӯ ҳаққындағы ис исти суд додалаӯына таярлаӯ ҳаққындағы уйғарыӯ шыгарылған күннен баслап он бес күннен артық болмаған мүддетте көрип шығылыӯы керек, бунда арза судқа келип түскеннен кейин кеминде бир айдан соң көрилетуғын финанслық санкцияларын қоллаӯ ҳаққындағы ислерден тысқары.

Суд ҳуқықый тәсир шараларын қоллаӯ ҳаққындағы исти көрип шығып атырғанда суд мәжилисинде: ҳуқықбузарлық ҳәдийсеси болған-болмағанлығын ҳәм оның исленгенлиги фактын; тексериӯ ушын ҳәм тексериӯ нәтийжелери бойынша дәлалатнама яки басқа ҳүжжет дүзиӯ ушын тийкарлар ҳәм қадагалаӯшы уйымнын ӯәкилликлери бар жоқлыгын; усы ҳуқықбузарлықты ислегенлик ушын нызам ҳүжжетлеринде жуӯапкершилик нәзерде тутылған яки тутылмағанлығын ҳәм ҳуқықый тәсир шарасын қоллаӯ ушын тийкарлар бар жоқлығын анықлайды.

Финанслық санкцияларды қоллаӯ ҳаққындағы ис көрип шығылып атырылғанда суд финанслық санкциялар суммасының есап-китабы қаншалық туӯрылығында тексереди.

Бул түрдеги ислер бойынша келисиӯ питими яки медиатив келисиӯге жол қойылмайды. Бундай жағдай анықланса исти көриӯ нәтийжелери бойынша суд ҳуқықый тәсир шарасын қоллаӯ ҳаққында яки билидирлген талапты қанаатландырыӯсыз қалдырыӯ ҳаққында қарар қабыл етеди.

Судтың ҳуқықый тәсир шарасын қоллаӯ ҳаққындағы ис бойынша ҳал қылыӯ қарары, егер апелляция шағымы (протести) берилмеген болса, ол қабыл етилгенинен кейин он күн өткеннен соң нызамлы күшине киреди.

Апелляция шағымы (протести) берилген жагдайда судтың ҳал қылыӯ қарары, егер ол бийкар етилмеген болса, апелляция инстанциясы судының қарары қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди.

Ҳуқықый тәсир шарасын қоллаӯ ҳаққындағы ис бойынша ҳал қылыӯ қарарының көширме нусқасы ҳал қылыӯ қарары қабыл етилгеннен кейин үш ис күни ишинде суд тәрепинен исте қатнасыӯшы шахсларға жибериледи яки тил хат алып тапсырылады, усы шахслардың электрон мәнзиллери бар болған жағдайда болса ҳал қылыӯ қарары электрон ҳүжжети тәризинде жиберилиӯ мүмкин.

 

Шымбай районлар аралық

экономикалык суды баслығы                                                З.Бердимуратов

Пайдалы ресурслар
Skip to content