Адам саўдасы ҳǝм мǝжбүрий мийнет – әсир машқаласы

Адам саўдасы ҳǝм мǝжбүрий мийнет – әсир машқаласы

15.07.2021 10:56:41 1315 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ 37-статьясына муўапық ҳǝр бир шахс мийнет етиў, еркин кǝсип таӊлаў, ǝдалатлы мийнет шараятларында ислеў ҳǝм нызамда көрсетилген тǝртипте жумыссызлықтан қорғаныў ҳуқықына ийе. Суд ҳүкими менен тайынланған жазаны өтеў тǝртибинен яки нызамда көрсетилген ҳаллардан тысқары мǝжбүрий мийнет қадаған етиледи.

Сондай-ақ, Конституцияға муўапық, ҳǝр ким еркинлик ҳǝм жеке қол қатылмаслық ҳуқықына ийе. Ҳеш ким қыйнаққа салыныўы, зорлыққа, инсан қадир-қымбатын кемситиўши басқа тǝриздеги қуўдалаўшылыққа дуўшар етилиўи мүмкин емес. Ҳǝр ким өз қәдир қымбаты ҳǝм абройына қылынған ҳǝрекетлерден, жеке өмирине араласыўдан қорғаныў ҳуқықына ийе.

2008-жыл 17-апрель күни Өзбекстан Республикасыныӊ «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди.

Усы нызам менен нызамшылық, адам саўдасы менен шуғылланыўшы шахслар жуўапкершилигиниӊ сөзсизлиги, адам саўдасынан жǝбирленгенлердиӊ кемситилиўине жол қойылмаслығы, социаллық шериклик сыяқлы адам саўдасына қарсы гүресиўдиӊ тийкарғы принциплери ҳǝм адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша искерликти тиккелей ǝмелге асырыўшы мǝмлекетлик уйымлар белгиленди.

Нызамныӊ 6-статьясына муўапық адам саўдасына қарсы гүресиўди ǝмелге асырыўшы мǝмлекет уйымлардыӊ искерлигин муўапықластырыў ушын адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша Республика мǝкемелер аралық комиссия дүзиледи. Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳǝм Ташкент қаласында нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша аймақлық мǝкемелер аралық комиссиялар
да дүзилиўи мүмкин.

Ҳǝзирги ўақытта адам саўдасына ҳǝм мǝжбүрий мийнеттен пайдаланыўға қарсы нǝтийжели гүресиўге тосқынлық етип атырған бир қатар унамсыз иллетлер сақланып қалынғанлығы көринбекте.

Адам саўдасы ҳǝм мǝжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўында, мǝмлекетимиз ҳаққында халық аралық майданда унамлы пикрилерди пайда етиўде мǝмлекетлик уйымлар искерлигин муўапықластырыўдыӊ тǝсирли системасын жаратыў мақсетинде 2019-жыл 30-июль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ «Адам саўдасына ҳǝм мǝжбүрий мийнетке қарсы гүресиў системасын жǝнеде жетилистириўге байланыслы ис-илǝжлар ҳаққында»ғы Пǝрманы қабыл етилди.

Пǝрманға муўапық Адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша республика мǝкемелер аралық комиссиясы – Адам саўдасына ҳǝм мǝжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясы етип қайта шөлкемлестирилди.

Миллий комиссияныӊ тийкарғы ўазыйпалары етип:

-мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм аймақлық уйымлардыӊ, пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳǝм мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиӊ искерлиги нǝтийжелилигин, жақын бирге ислесиўди тǝмийинлеў мақсетинде олардыӊ адам саўдасына ҳǝм мǝжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўындағы искерлигин муўапықластырыў;

-миллий нызамшылықты ҳǝм ҳуқықты қоллаў ǝмелиятын жетилистириў мақсетинде адам саўдасына ҳǝм мǝжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўында мǝмлекетлик дǝстүрлер ҳǝмде басқа дǝстүрлерди ислеп шығыў ҳǝм ǝмелге асырыўды шөлкемлестириў, сондай-ақ олардыӊ орынланыўын қадағалаў;

-адам саўдасына ҳǝм мǝжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша көрилип атырған ис-илǝжларды анализлеў, бахалаў, мониторинг қылыў ҳǝм нǝтийжелилигин асырыў, усы тараўдағы жынаятларды анықлаў, тергеў қылыў, алдын алыў ҳǝм оларға шек қойыў ǝмелиятын үйрениў;

– адам саўдасына ҳǝм мǝжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўында нǝтийжели халық аралық бирге ислесиў ҳǝрекетин шөлкемлестириў, сондай-ақ, усы тараўа хабарларды жыйнаў, анализлеў ҳǝм баянатлар таярлаў ўазыйпалары белгиленди.

Буннан тысқары, Пǝрманға муўапық Адам саўдасына ҳǝм мǝжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша миллий баянатшы институты енгизилди.

Миллий баянатшыныӊ тийкарғы ўазыйпалары етип:

– адам саўдасына ҳǝм мǝжбүрий мийнетке қарсы гүресиў саласында мǝмлекетимиз ҳǝм жǝҳǝнде жүзеге келип атырған жағдайлар ҳақкында, усы жынаят түрине байланыслы шахсларды тергеў қылыў ҳǝм жазалаў ҳǝмде адам саўдасы қурбанларын қоллап-қуўатлаў бойынша көрилип атырған ис-илǝжлар ҳақкында Өзбекстан Республикасы Президентине ҳǝр жылы мǝлимлеме усыныў;

-усы тараўда республикамызда көрилип атырған ис-илǝжлар ҳақкындағы исенимли хабарды кеӊ жǝмийетшиликке ҳǝм халық аралық жǝмийетшиликке жеткериў мақсетинде Өзбекстан Республикасында аккредитация қылынған сырт ел мǝмлекетлериниӊ дипломатик корпусы ҳǝм халық аралық шөлкемлердиӊ ўǝкилханаларын қатнастырған ҳалда ғалаба хабар қураллары ушын турақлы түрде брифинглер шөлкемлестириў;

– адам саўдасына ҳǝм мǝжбүрий мийнетке қарсы гүресиў саласында халык аралық жǝмийетшилик пенен, усы бағдарға қǝнийгелескен шөлкемлер ҳǝм ҳуқық қорғаўшылары менен нǝтийжели бирге ислесиўди, мǝмлекетимизге қарсы ҳǝрекетлерге қарсы тезлик пенен шаралар көриў, сондай-ақ, усы тараўда республиканыӊ халық аралық майдандағы миллий мǝплерин қорғалыўын тǝмийинлеў ўазыйпалары белгиленди.

Қысқаша айтқанда, адам саўдасына ҳǝм мǝжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўында мǝмлекетимизде алып барылып атырған жумысларда барлық пуқаралар бирдей қатнасса, ҳǝр ким өз үлеслерин қосса мақсетке муўапық болар еди.

 

Жынаят ислери бойынша

Шымбай районы судының

баслығы:                                                                                        А.Хожанов

Пайдалы ресурслар
Skip to content