Шымбай районы «Тағ-жап» АПЖ Шабандозлар көшеси турғыны В.Бердимуратованың ишимлик суӯ мәселеси бойынша мүрәжаты социаллық тармақларда жәрияланды. Бул мүрәжат район ҳәкимлиги тәрепинен қадағалаӯға алынып үйрениӯ жумыслары алып барылды. Бүгинги күнде В.Бердимуратованың мүрәжаты унамлы шешим тапты ишимлик суӯ бойынша машқаласы сапластырылғанын мәлим етип билдиремиз.
Мәмлекетимиз Президенти, Қураллы Күшлери Олий Бас Сәркардасы Шавкат Миромонович Мирзиёевтың жеке басламасы менен елимизде алып барылып атырған «Абат аӯыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдараламасының орынлаӯын тәмийинлеӯ мақсетинде районымызда алып барылып атырған абаданластырыӯ, халықтың социаллық қорғаӯға мүтәж қатламын турмыс дәрежесин жақсылаӯ киби саӯаплы жумысларда районымызда көрсетип атырған бийғәрез жәрдемге келген әзиз әскерлеримиз ушын қуӯанышы күн. Себеби,бүгин […]