Субсидия ажыратыў бирден-бир электрон платформа арқалы әмелге асырылады Нызамшылыққа муўапық, пуқаралар ҳәм исбилерменлерге субсидия ажыратыў менен байланыслы барлық хызметлер басқышпа-басқыш «Пуқаралар ҳәм исбилерменлерге субсидия ажыратыўдың бирден-бир электрон платформа»сына өткерилиўи белгиленген. Сондай-ақ, субсидияларды ажыратыўдың мақсетке муўапықлығы электрон платформа арқалы онлайн тексериледи.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасып атыр. Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта. Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.